Инсанға өмир Алла таала тәрепинен бериледи, оған қол қатыўға яки бул өмирден айырыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ.

Дана халқымыз әзелден ҳаялды, ананы улығлап, оны қәстерлеп сақлаған. Жәннетти аналардың аяғы астына төсеген. Мине усындай бир қолы менен бесикти, бир қолы менен дүньяны тербете алған анаға қол көтерип урып азаплаў, өлтириў … Қой, қой, бул саналы адамның қолынан келетуғын ис емес, бул бизиң менталитетимизге де улыўма жат иллет,  ең аўыр гүна ҳәм жынаят.

Бирақ, Сабырбай ( атлары өзгертилип алынды) усы ең аўыр жынаятқа қол урды. Себеби, арзымаған өтмиштеги елеслер…

Сабырбайдың анасы ол 5 жасқа толғанда қайтыс болды, әжапасы Малика менен әкеси үшеўи қалады. Анасының жылы өткеннен кейин әкеси Сулыўхан деген келиншекке үйленеди. Оннан 4 перзент туўылады. Еки үлкен әжапалары турмысқа шығып, үйли жайлы болып кетти. Әкеси де турмыс аўырманлығы, бала-шағаны бағыў ойы менен Қазақстан Республикасына барып бир мүддет жумыс ислеп келетуғын еди.

Бул жынаят жүз берген күни Сабырбайдың әкеси сырт елде еди. Сабырбайдың кейинги ўақытлары иси де жүриспей, әп-әнедей хожалығынан да айырылысып жүрген күнлери. Сол себепли әкесиниӊ үйинде оңысып, жасап атыр еди.

Әдеттегидей, жумыстан саат 18:00лер шамасында әкесиниң үйине келген Сабырбай өгей анасы Сулыўхан менен дастурхан басында айтысып қалады, чайларын ишип болғаннан кейин «енди үйиңе келмеймен» деп есикти тарс еттерип жаўып шығып кетеди. Сабырбайдың жақсы нийетлер менен салып атырған таза жайы бар еди, ол сол жерге барып, усталарға беремен деп қойған бир шийше арағын класслас жорасы Мақсетти шақырып ишип алады. Ишке түскен «шайтан» қояма «еки адамға бир шийше деген не?» деп Сабырбай енди көплеў 0,75 л арақты әкелип қуяды. Мақсет ертең жумысқа бараман, «мен болдым жора» деп кейинги арақтан 1 кесе ишеди де, қайтып аўзына алмайды. Ал, Сабырбай болса қалған арақтың бәрин бир өзи ишип таўысады. Әбден мәс болып, үйге қайтайық деген Мақсеттиң бетине муш пенен урып, буўындырады, күтилмеген бул ҳужимнен Мақсет жерге сылқ етип қулап қалады.

Сабырбай оған итибар берместен шығып кетип, туўры әкесиниң үйине өгей анасының алдына барады. Есикти теўип ашып, бар даўысы менен үйде шаўқым шығара баслайды. Ойына ҳеш жаманлық келтирмеген Сулыўхан чай ишип отырған еки баласын алып ишкериге кирип кетеди. Сабырбай Сулыўханды шақырып, оған аўзына келген жаман сөзлерди айтып ақыретлеп, жулқып кетти. Буны көрген еки үкеси «анамды жибер, анама тийме» дегенине «мына еки балаңды ишке киргизбесең, сени солардың көзинше азаплап өлтиремен» деп қорқытады. Сулыўхан еки баласын төрги бөлмеге киргизеди. Өгей анасының «маған тийме, жүрегим аўырады, өзи кеше емлеўханадан шықтым» деген жалынышлы сөзлери  оның қулағына да кирмейди.

-«Сен бала гезимизде әжапам екеўимизге көп азап бердиң, ийт табақта аўқат бердиң, енди сени өзим өлтиремен» деп бар күши менен Сулыўханды шашынан сүйреп ура кетти. Биресе дийўалға тақап, буўындырады, биресе жерге жатқарып үстине минип бет-жүзин мушлайды, дус келген жерине урып, өгей анасын жаўызларша өлтиреди.

Ақыбетинде, Сабырбайдың үкелери анасыз, өзиниң перзентлери болса әкесиз өсетуғын болды. Бала шаға ғамында сырт еллерде қара мийнет пенен нан таўып жүрген әке өмирлик жолдасының өлимине бир күйген болса, перзентиниң бул қылмысына, оның әйне жаслық дәўири қамақта өтетуғынына еки күйинди.

Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судында ашық суд мәжилисинде көрилген бул жынаят иси бойынша судья ҳүким оқыды.

Оған бола Сабырбай  Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 97-статьясы 2-бөлими «ж» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислегенликте айыплы деп табылып, оған 15 (он бес) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.


Дәўлетбай РАЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги