Газли ишимлик, мазалы затлар соның менен бир қатарда фастфоод өнимлерин пайдаланыў мийге унамсыз тәсир ететуғын ҳәм ерте өлим жағдайына алып келетуғыны анықланды. Ересек жастағы 6000 ҳәм киши жастағы 4000 кемириўшилерде өткерилген тәжирийбелер тыйкарында айырым азық-аўқат өнимлеринен пайдаланыў еслеў ҳәм басқарыў қәбилетининиң төменлеўине себеп болатуғыны белгили болды. Бул изертлеў нәтийжелери Annals of Neurology журналында басып шығарылды.
Изертлеў жуўмағына бола, газли ишимлик себепли пайда болған нерв кеселликлери дизимде биринши орында, қурамында транс майлары болған нан өнимлери екинши орында ҳәм фаст фоод өнимлери үшинши орынды ийеледи. Тәжирийбе даўамында қатнасыўшылардың IQ көрсеткишлери төменлегенин көрсетти.
Солай етип, надурыс аўқатланыў когнитив қәбилетлерди төменлетеди ҳәм ерте дүньядан өтиўге себеп болады екен.
Ф.Муслатдинова,
ҚМУ 4- курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги