«Миллий айдаўшылық гүўалығын рәсмийлестириў тәртибин әпиўайыластырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары (152-санлы, 12.04.2023 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, 2023-жыл 15-апрельден миллий айдаўшылық гүўалығын, соның ишинде, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы да арза бериўшилердиң тиккелей қатнасыўысыз рәсмийлестириў тәртиби енгизиледи.

Онда:

– миллий айдаўшылық гүўалығына арза бериўшилердиң бас бармақ изи мағлыўматлары жайластырылады, егер мәлимлеме системаларында арза бериўшилердиң бас бармақ изи мағлыўматлары болмаған жағдайда арза бериўшилер өзлериниң қолтаңба үлгисин электрон тәризде усынады;

– миллий айдаўшылық гүўалықларын алыў ҳәм ески үлгидеги айдаўшылық гүўалықларын жаңасына алмастырыў бойынша арзалар арза бериўшилердиң БИМХПдеги жеке кабинети арқалы онлайн тәризде ҳәр күни, дем алыс ҳәм байрам күнлерине қарамастан, 24 саат даўамында жиберилиўи мүмкин;

– жаңа рәсмийлестирилген миллий айдаўшылық гүўалықларын почта арқалы алыў имканияты жаратылады.

2023-жылдың ақырына шекем барлық айдаўшылық гүўалықлары физикалық тәрептиң жеке идентификация номерине байланысқан ҳалда санластырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги