АҚШтың Вандербильт университетиниң илимпазлары TCL1A генин блоклаў кексе жастағы адамларда қан рагиниң раўажланыўына тосқынлық ететуғынын анықлады.
Буның ушын 5000 нан аслам адамның медициналық мағлыўматлары талланды. Нәтийжеде изертлеўшилер қәўипли қан клеткаларының бөлиниўин бақлаўшы генди табыўға еристи.
Қәнигелердиң жуўмағына бола, енди TCL1A генине бағдарланатуғын дәри-дәрмақлар арқалы рак клеткаларының өсиўин тоқтатыў мүмкин.
Авторлардың пикиринше, жас өтиўи менен инсан организминдеги билинетуғын клеткалар түрли мутацияларға ушырайды. Олардың көпшилиги зыянсыз.
Бирақ кексе жастағы инсанлардың 10 процентинен асламында қан рагин ҳәм жүрек кеселликлерин келтирип шығаратуғын мутациялар раўажланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги