Телеграм тармағындағы бир неше каналларда «Сергек болың»: Өзбекстан помидорларында қәўипли вирус анықланды» атамасында хабарлар тарқалды. Бул хабарларға Қазақстан телеканалының «24KZ» телеканалы арқалы көрсетилген тема тийкар болды.

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен жағдайға анықлық киргизиў мақсетинде оператив сорастырыў ҳәм үйрениўлер алып барылып, дәслепки нәтийжелерге бола Қазақстан тәрепи Өзбекстаннан импорт етилген помидор өнимлеринде помидор сары реңли вирусы Tomato brown rugose fruit virus) ҳәм басқа да карантин кеселликлер анықланғаны бойынша өнимлерди артқа қайтарыў жағдайы бақланбаған ҳәм шағым (нотификация) жибермеген.

Соның менен биргеликте, Өзбекстан ҳәм Қазақстан карантин хызметлери арасында жедел түрде сөйлесиў алып барылып, бул тарқалған хабарға түсиник берген фитосанитариялық хызметиниң Қазақстанның Түркстан ўәлаяты аймақлық инспекциясының баслығы И.Бегасилов помидор сары реңли вирусының анықланыў жағдайы бойынша импорт етилген 43 тонна помидор өниминде, әйне, Өзбекстаннан жүкленген өнимде қәўипли вирус анықланбағанын телефон сөйлесиўинде тастыйықлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги