Китап бийбаҳа ғәзийне, бул бийбаҳа ғәзийнелер топланған орын болса –китапхана. Китап инсанның ең жақын досты екенлиги ҳәммемизге белгили.
Бүгинги күни китапқа болған кызығыўшылықты және де жетилистириў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Минстрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги «2020-2025 жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 781-санлы қарары тийкарында, Өзбекстан Республикасында 2021–жылдан баслап ҳәр жылдың апрель айында «Китапқумарлық ҳәптелиги»н өткериў белгиленген. Усы мүнәсибет пенен «Китапсүйер миллет» сүрени астында «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң Кегейли районы мәлимлеме-китапхана орайында ҳәптелик болып өтти.
Ҳәптеликти өткериўден мақсет келешегимиз болған жасларымыздың мәнаўиятын жетилистириў , китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм кызығыўшылығын оятыў болып табылады.
Ҳәптелик шеңберинде “Уллы сәркарда, мәмлекетлик ғайраткер Әмир Темур”дың 687 жыллығына арналып районлық Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте сәўбетлесиў кешеси болып өтти. Китапқумарлықты ен жайдырыў мақсетинде болса, Кегейли районы мәлимлеме китапхана орайы тәрепинен “Билимданлар ” закаўат интеллектуаллық ойыны шөлкемлестирилди. Оған Халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеп оқыўшылары қатнасты ҳәм онда 7-санлы мектеп оқыўшылары 1-орынды ийеледи.
-Сондай-ақ, «Китапсүйер миллет» улыўма миллий идеяны жүзеге шығарыўдың 264-265-бәнтлери бойынша “Мен табыскер ҳаялман” жойбары тийкарында Қуяшлы МПЖ аймағында жасаўшы исбилермен Г.Қазақбаеваның жумыс орнына китапханамыз хызметкерлери тәрепинен жаңа әдебиятлар алып барылды,-дейди орай директоры Ақсүңгил Ешбаева -Китап инсанды кәмиликке ерисиўдеги ең жақын досты. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-августтағы “Уллы ойшыл алым Әбиў Райхан Берунийдиң 1050 жыллығын халықаралық көлемде кеңнен белгилеў ҳаққындағы ” ПҚ 361-санлы қарарын әмелге асырыў бойынша Кегейли районы мәлимлеме-китапхана орайында уллы ўатанласымыз Әбиў Райхан Берунийдиң 1050 жыллығы мүнәсибети Халық билимлендириў бөлимине қараслы 55-санлы мектеп оқыўшылары менен биргеликте сәўбетлесиў кешеси болып өтти.
Онда оқыўшыларға Берунийдиң өмир жолы, шығармалары таныстырып өтилди. Буннан басқа да “Меҳир ҳәрекети”, “Жылдың ең жақсы китапқумар мектеби”, “Меҳир китапханасы”, “Көк чемодан саяхаты”, “Китапханаға саяхат” сыяқлы кеше ҳәм де илажлар болып өтти. «Китапкумарлық ҳәптелиги» ниң жуўмақлаўшы күни ҳәптеликке белсене қатнасқан мәкеме ҳәм шөлкемлер Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Улыўма ҳәптеликке 400 ден аслам жаслар қамтып алынды.
Әлбетте, елимиз бойлап усындай ҳәптеликлердиң өткерилиўи жаслардың мәнаўиятын ҳәм китапқа болған кызығыўшылығын арттырыўда айрықша орын ийелеўи сөзсиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы