Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети менен Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен Судочье көлиниң әтирапында әмелге асырылып атырған жумыслар, Арал теңизин физикалық-химиялық анализлеў ушын үлги алыў, мониторинг етиў бойынша медиа-тур шөлкемлестирилди.
Онда илимий хызметкерлер, докторантлар, стажёр излениўшилер, магистрантлар ҳәм туризм министрлигиниң хызметкерлери қатнасты.
Медиатурдың дәслепки күни олар Судочье көлиниң әтирапында жаңадан шөлкемлестирилген «Судочье көлине саяхат» туристлик объектинде болып, туристлер ушын жаратылған шараятлар ҳәм Үстирт платосының жанлы ҳайўанатлар дүньясы менен танысты.
Қәнигениң мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстандағы ең ири көллердиң бири – Судочье көлиниң майданы бүгинги күнде 50 мың гектарды қурайды. Жергиликли тилде қызылғаз деп аталатуғын фламинго қуслары Қарақалпақстан үстинен ушып өтиў ўақтында узақ сапар алдынан азықланыў ушын усы көлде тоқтайды. Көлди фламингодан басқа 240 тан аслам түрдеги қуслар мәканлаған. Атап айтқанда, Судочье көллер системасында ғазлардың айырым түрлери, үйреклер, ақ қутан, киши қарабайлар сыяқлы 30 ға шамалас сийрек ушырасатуғын қусларды ушыратыў мүмкин.
Буннан тысқары, улыўма майданы 280 мың 507 гектар болған мәмлекетлик тәбиятты қорғаў мәкемеси түриндеги «Судочье – Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасына саяхат шөлкемлестирилди. Қорықхана жағалығы ландшафтлары, каналлар, коллекторлар ҳәм олардағы суў ағымы, суў әтирапында жасайтуғын қуслар, сийрек ушырасатуғын, жоқ болып кетиў алдында турған балықлар, жыртқыш қуслар ҳәм сүт емизиўши ҳайўанларды сақлап қалыўға, оларды көбейтиўге хызмет етеди.
Саяхат даўамында илимий хызметкерлер, докторантлар, стажёр излениўшилер ҳәм магистрантлар Арал теңизине де барды. Медиа-тур қатнасыўшылары тәрепинен Арал теңизиниң әтирапындағы экологиялық жағдайды мониторинг етиў мақсетинде физикалық-химиялық анализлеў ушын үлги алынды.
– Жол алыс, Үстирттиң бир шетинен Арал теңизине шекемги сапарымыз даўамында 4 саатлық жолды басып өттик. Ҳаўа-райы да бизлерге қарасқандай, салқын ҳәм булытлы болып, арасында жаўын себелеп турар еди, -дейди Экология комитетиниң баспасөз хызмети баслығы Улбосын Мырзаназарова. – Егер ыссы болғанда бул шексиз шөлистанлықтан саялы-салқын жер табыў қыйын болар еди. Елимиздиң ҳәр бир орнын үйренгенимиз сайын ол ҳаққында мағлыўматларымыз артып, билим «қоржын»ымыз жаңа билимлерге толады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги