Қанлыкөл районындағы “Нураныйлар орайы”, “Наўрыз” аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм “Kanteks invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринде Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының әҳмийетин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде, «Жаңа Конституция-халық–дәртине қулақ салыўшы мәмлекет тийкары» сүрени менен үгит-нәсият илажлары болып өтти.
Оған районның кең жәмийетшилиги ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда Республикалық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар илимий изертлеў институты директорының орынбасары, педагогика илимлериниң докторы, профессор О.Мусурманова, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлик интитуты миллий изертлеў университети профессоры, педагогика илимлериниң докторы З.Исмоилова, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты педагогика ҳәм психология кафедрасының баслығы М.Абдужаббарова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры баслығы М.Асроровалар шығып сөйлеп, елимизде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған реформалар ҳәм олардың әҳмийети бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди. Соның ишинде шаңарақлардың абаданлығын ҳәм бекккемлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, социаллық қорғаўға мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, кәсип-өнерге үйретиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлерге жаратылып атырған жеңилликлер, оларды илим-билимге тартыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша кең түрде мағлыўматлар берилип, буның айқын мысалын Қанлыкөл районында да көриўге болатуғынлығын атап өтти.
Ушырасыўда қатнасыўшылар тәрепинен баянатшыларға жаңаланып атырған Конституция жойбары бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.
Сондай-ақ, үгит-нәсиятшылар топары ушырасыў даўамында миллий кийимлер, буйымлар ҳәм тағамлар көргизбеси менен танысып, оларға өзлериниң баҳаларын берди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы