«Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша болып өтетуғын референдум алдынан өткерилип атырған үгит-нәсият илажларында ӨзЛиДеП партиясынан сайланған депутатлар да белсендилик көрсетип келмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ахмед Реймов өзи сайланған аймақ турғынлары менен ушырасты.
Ушырасыўға Нөкис қаласы ҳәкиминиң биринши орынбасары К.Калимбетов, мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары, көше бийлери, нураныйлар, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.
Ушырасыўда депутат А.Реймов Президентимиздиң басламасы менен кейинги жыллары елимизде әмелге асырылып атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар, соның ишинде, Арал теңизиниң қурыған ултанын жасыл қапламаға айландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар, сондай-ақ, қала ҳәм районларда, мәҳәллелерде халықты разы қылыўда исленип атырған жумыслардың бәршеси ең алды менен «Инсан қәдири ушын» екенлигин турмыслық мысаллар менен атап өтти.
Жаңаланып атырған Конституцияның әҳмийети, Тийкарғы нызамымызға киргизилип атырған өзгерислер ҳәм нормалар бойынша да кеңнен түсиниклер берилип, бәршени мәмлекетимизде усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын сиясий процесcте белсене қатнасыўға шақырды.
Ушырасыўда Нөкис қаласы ҳәкиминиң биринши орынбасары К.Калимбетов өз сөзинде мәҳәллелер кесиминде халықтын машқалаларын шешиўде әмелге асырылған жумыслардың нәтийжеси кейинги жылларда сезилерли дәрежеде артқанын атап өтти.
Илаж даўамында мәҳәлле турғынлары сөзге шығып, өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Буннан соң ушырасыў қатнасыўшыларына университет жәмәәти тәрепинен ифтарлық дастурханы жайылды. Онда Мүбәрек рамазан айының пазыйлетлери, шаңарақларымызға, кеўиллеримизге қуўаныш, елимизге қут-берекет бағышлаўы, бир-биримизге болған мийрим-шәпәтти және де зыяда ететуғынлығы, Рамазан айында әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли илажлар жәмийетимизде тынышлық, дослық, меҳир-мүриўбет, кеңпейиллик орталығын беккемлеўге хызмет ететуғынлығы атап өтилип, жақсы тилеклер билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги