Самарқанд мәмлекетлик  ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында питкериўши курс студентлери менен жумыс бериўшилер арасында мийнет шәртнамаларын дүзиўге бағышланған бос жумыс  орынлары ярмаркасы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда “Чорванасл” орайы, “Қаракөл” бирлеспесиниӊ басшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ярмаркада филиал директори Әдилбай Есимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күни мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниӊ  бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, Президентимиз тәрепинен бул бағдарда белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған кеӊ көлемли жумысларға тоқтап өтти. Мийнет ярмаркасында 40 қа шамалас жумыс бериўши шөлкем өзлериндеги бос жумыс орынлары менен қатнасты.




















Илаж даўамында питкериўши курслардыӊ студентлери менен жумыс бериўшилер арасында сөйлесиўлер болды. Усы жердиӊ өзинде 23 питкериўши менен мийнет шәртнамасы дүзилип, бәнтлиги тәмийинленди.

Быйылғы оқыў жылында филиалды 3 тәлим бағдары бойынша 75 студент питкереди. Өткен жылғы дәслепки питкериўшилер есапланған 36 студенттен бүгинги күнге 31 жастыӊ бәнтлиги тәмийинленип, оқыў орнында өзлестирген теориялық билимлерин әмелиятта қолланып келмекте.

Илаж даўамында жаслар өзлерине жаратылған имканиятларды тереӊ сезинген ҳалда, келешекте тараўдыӊ раўажланыўына өз үлеслерин қосатуғынына үлкен исеним билдирилди. Питкериўшилер бос жумыс орынлары менен жақыннан танысты. Питкериўши курслардыӊ студентлери менен жумыс бериўшилер арасында дүзилген мийнет шәртнамалары келешекте өзиниӊ унамлы нәтийжесин беретуғынына исенемиз.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери