Тахтакөпир районы республикамыздың ең шеттеги аймағы болғанлықтан ол жерде жоқары маманлыққа ийе айырым тар тараў қәнигелериниң жетиспеўшилиги бақланып, бул аймақ халқының сапалы медициналық хызметтен пайдаланыўында бир қанша қолайсызлықларды туўдырып киятырғаны көпшиликке сыр емес.
Район халқының усындай машқалаларына жәрдем бериў , Медицина бирлеспесиниң көп тармақлы поликлиникасында Ташкент қаласындағы Республика қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен бириктирилген тәжирийбели шыпакерлер «Саламатлық сейиллери» акциясы шеӊберинде денсаўлығында нуқсаны бар пуқараларды бийпул медициналық тексериўден өткерди
Онда шыпакерлер тәрепинен район турғынларын медициналық тексериўден өткерилип, ҳәр қыйлы кеселликлердиң келип шығыўының алдын алыў бойынша мәсләҳәтлер берилип 18 түрдеги тар тараўдың қәнигели шыпакерлер хызмет көрсетти.
Соныӊ менен бирге, бул жерде мобиль поликлиника шыпакерлери тәрепинен аймақ халқы Рентген, УЗИ, ЭКГ ҳәм 45-65 жас аралығындағы ҳаяллар қосымша Мобил маммография үскенеси тексерилиўлеринен өткерилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы