Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-март күнги “Руўхый-ағартыўшылық жумыслары системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-5040-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, жумыслары нәтийжели жолға қойылған улыўма билим бериў мектеплериниң Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшыларының ис-тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм олардың мийнетлерин мүнәсип баҳалаў мақсетинде “Ең белсенди Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы” таңлаўының  Нөкис районлық басқышы болып ɵтти.

Таңлаўға районлық Халық билимлендириў бɵлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша  үгит-нәсиятшылары қатнасты.



Онда төрешилер топары ағзалары тәрепинен таңлаў Режесинде белгиленген баҳалаў критериялары тийкарында үгит-нәсиятшылардың жумысларына баҳа берилди.

Таңлаў жуўмағына бола,  4-санлы мектептиң дөретиўши мәдений-мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы У. Юсупова биринши, 28-санлы мектептиң дөретиўши мәдений-мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Г.Есбосинова екинши ҳәм 17-санлы мектептиң дөретиўши мәдений-мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Б.Полатбаева үшинши орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.



Таңлаў жеңимпазы У.Юсупова “Ең белсенди дөретиўши мәдений-мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Сондай-ақ, таңлаўға белсене қатнасқан үгит-нәсиятшылар да арнаўлы номинациялар бойынша сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги