Мәмлекетимизде әҳмийетли сиясий процесс – Конституциялық нызам жойбары бойынша Өзбекстан Республикасының референдумына қызғын таярлық көрилмекте. Усы процесслерди бақлаў мақсетинде сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң бақлаўшылары елимизге келмекте.
Атап айтқанда, Орайлық сайлаў комиссиясының усынысына бола 30-апрель күни болып өтетуғын референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслерин бақлап барыў мақсетинде Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы Бас хаткери Сергей Лебедев басшылығындағы ҒМДА бақлаўшылар миссиясы елимизге келди.
Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низомхўжаев референдумды бақлаў бойынша ҒМДА бақлаўшылары миссиясының басшысы Сергей Лебедев пенен ушырасты.
Ушырасыўда Конституциялық нызам жойбары улыўма халықлық додалаў тийкарында жетилистирилгени, 30-апрель күни өткерилетуғын референдумға таярлық көриў процесслери ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериў нызамшылық талаплары ҳәм демократиялық принциплерге муўапық әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
ҒМДА бақлаўшылары миссиясының басшысы Сергей Лебедев Орайлық сайлаў комиссиясының усынысынан қуўанышлы екенин атап өтип, мәмлекетимиздеги сиясий процесслер сондай-ақ, Конституциялық нызам жойбары бойынша өз мүнәсибетин билдирди. Сондай-ақ, референдум процесслерин бақлаў бойынша ҒМДА бақлаўшылары миссиясы ағзаларының қурамы, бақлаўшылардың мәмлекетимизде жумыс алып барыў тәртиби бойынша мағлыўматлар берип өтти.
Атап өтилиўинше, миссия қурамы ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм сайлаў уйымлары, сондай-ақ, ҒМДА аймағында жумыс алып барыўшы Дослық аўқамы уйымлары ҳәм интеграция бирлеспелериниң ўәкиллеринен ибарат. ҒМДА бақлаўшылары миссиясы тәрепинен референдум миллий нызамшылығымыз ҳәм мәмлекетимиздиң халықаралық миннетлемелерине муўапықлығы бойынша билдириў таярланады.
ҒМДА бақлаўшылары миссиясы Өзбекстанға сапары даўамында республикамыздың бир қатар референдум участкаларында болып, референдум бойынша өзиниң тийисли жуўмақлары ҳәм усынысларын бериўди режелестирген.
Ушырасыў шеңберинде миссия басшысы Орайлық сайлаў комиссиясы жанындағы баспасөз орайының жумысы, бул жерде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын жаратылған шараятлар ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы жанында иске қосылған «Call-markaz» жумысы менен де танысты.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы