Усы күнлери пүткил елимиз бойлап Өзбекстан Кинематография агентлиги тәрепинен «Сени сағындық, бәҳәр!» сүрени астында «Кинокәрўан» акциясы өткерилмекте. Акция шеңберинде өткерилип атырған бул илажларда белгили режиссёрлар, операторлар, актёр ҳәм актрисалар көп санлы ықласбентлер менен ушыраспақта.

«Кинокәрўан» акциясы қатнасыўшыларынан бир топары Әмиўдәрья районында болып, Мәденият бөлими имаратында аймақтағы өз ықласбентлери менен ушырасыў өткерди.

Онда район ҳәкими Султанбай Йулдашев Ташкенттен келген көркем өнер тараўы хызметкерлериниң әмиўдәрьялы кино ықласбентлери менен жүзбе-жүз ушырасып, олар менен пикирлесиўге келгени ушын топар ағзаларына өзиниң миннетдаршылығын билдирди.

Ушырасыўда Кинематография агентлигиниң «Kino san’ati» журналы редакторы Саъдулла Ражабов, кинорежиссёр Рустам Сагдиев, театр ҳәм кино режиссёры Фархад Маҳмудов, оператор Лочин Ибрагимов, Қарақалпақстанда туўылып камалға келген, ал, ҳәзирги күнлери Ташкент қаласында жумыс ислеп атырған актрисалар Анжелика Есимбетова, актриса Шахсәнем Абдижамиловалар шығып сөйлеп, Кинематография агентлиги тәрепинен ислеп шығарылып атырған жаңа көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, айырым фильмлердиң халықаралық фестивалларға қатнасып, оларда жоқары баҳаланып, белгили сыйлықларды ийелеп атырғаны туўралы кең түрде айтып берди ҳәм «Кинокәрўан» акциясының бул фильмлерди үгит-нәсиятлаўдағы орны туўралы тамашагөйлер менен пикирлести.






Сондай-ақ, ушырасыўда пүткил елимиз бойлап «Конституция меники, сеники, бизики. Конституция өзимиздики!» сүрени астында өткерилип атырған референдумалды илажлар, Конституцияға киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар бойынша да өзлериниң пикирлерин билдирди.

Ушырасыўда тамашагөйлер тәрепинен миллий кино өнерине байланыслы бир қатар сораўлар берилип, оларға жуўаплар берилди. Соның менен бирге, өзбек кино дөретиўшилери мийнетиниң жемиси болған «Барон-2. Соғиниш»  атлы көркем фильм тамашагөйлер нәзерине усынылды.

Мәмлекетимиздиң тынышлығын сақлаў жолындағы мәртлик, пидайылық, Ўатанға садықлық сезимлери сәўлеленген бул фильм жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы