Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Елликқала  районлық бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген  оператив илажда айдаўшылық гүўалығын алып бериўди  ўәде еткен пуқара усланды.

Атап айтқанда, пуқара Н.К. пуқара Т.С.ға теориялық ҳәм әмелий имтиханларға қатнаспастан “В” категориядағы айдаўшылық гүўалығын  алып бериў ушын 500 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги