«Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбарын үгит-нәсиятлаў процесинде илим ҳәм билимлендириў тараўында киргизилип нормаларға халық тәрепинен жүдә унамлы пикирлер билдирилмекте.
Жаңаланып атырған Конституцияның 44-статьясында узақ жыллар даўамында сиясатымызға, билимлендириўдиң барлық түрлериндеги билимлендириўдиң сапасына, педагог ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумыс процесине жүдә унамсыз тәсир еткен, ең тийкарғысы, мектеп жасындағы балалардың ҳәм билимлендириў шөлкемлеринде билим алып атырған студент-жаслардың саламатлығына, қәўипсизлигине, әдеп-икрамлылығына, руўхый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип салған, олардың билим алыўына тосқынлық етип атырған мәжбүрий ҳәм балалар мийнетиниң ҳәр қандай түрлери қадаған етилмекте. Бул болса келешегимиз болған бәркамал әўладты тәрбиялаўда, билимлендириў ҳәм илим тараўларының раўажланыўында үлкен унамлы нәтийжелер беретуғыны сөзсиз. 50-статьясында ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе деп атап өтилиўи менен бирге пуқаралардың бийпул басланғыш кәсип-өнерге оқытылыўы ҳәм майыплығы бар балаларымызға өз заманласлары менен бирдей билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылыўы мақсетинде инклюзив тәлим-тәрбия тәмийинленетуғыны белгиленбекте. 51-статьяда болса пуқараларымыздың мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлеринде таңлаў тийкарында мәмлекет есабынан жоқары мағлыўмат алыўға ҳақылы екенлиги атап өтилмекте. Бул болса қәбилетли жасларымыздың жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант тийкарында оқыўына имканияты болатуғынын аңлатады. Сондай-ақ, бул статьяда жоқары билимлендириў шөлкемлери нызамға муўапық академиялық еркинлик, өзин-өзи басқарыў, изертлеўлер өткериў ҳәм оқытыў еркинлиги ҳуқықына ийе екенлиги белгиленбекте. 52-статьядаға нормалар болса билимлендириўдиң барлық түринде жумыс алып барыўшы педагог-муғаллимлер ушын жүдә әҳмийетли. Бул статьяда Өзбекстан Республикасында оқытыўшының мийнети жәмийет ҳәм мәмлекетти раўажландырыў, саламат, бәркамал әўладты қәлиплестириў ҳәм тәрбиялаў, халықтың руўхый-мәдений потенциалын сақлаў арқалы байытыўдың тийкары сыпатында тән алынады, делинбекте. Соның менен бир қатарда, оқытыўшылардың қәдир-қымбаты қорғалмақта, яғный Мәмлекет оқытыўшылардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық абаданлығы, кәсиплик жақтан өсиўине ғамхорлық етеди деп атап өтилмекте. 53-статьяда болса изертлеўлер өткериў ҳәм оқытыў еркинлиги ҳуқықы берилген. Бул норманың киргизилиўи профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң оқыў процесиндеги еркинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди ҳәм интеллектуаллық мүлк нызам менен қорғалатуғыны белгиленбекте.
Мухтар Ибрагимов,
Олий Мажлис
Нызамшылық палатасының депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги