Қарақалпақстан Республикасы экология комитетиниң Бозатаў районлық бөлими тәрепинен өткерилген рейд илажы даўамында Елликқала районы «Ақшадәрья» коллекторында нызамсыз балық аўлаған шахслар қолға алынды.

Тәбиятқа, ҳайўанат ҳәм жәнликлердиң көбейиўине зыян жеткермеў мақсетинде балық аўлаў мәўсими, балық түрлери ҳәм аңның муғдары бойынша қағыйдаларға әмел етиў талап етиледи. Нызамды бузғаны ушын жуўапкершилик белгиленген.

Пуқаралар Т.А. ҳәм Т.Б. аўлаў қадаған етилген 157 бас сазан балықларды нызамға қайшы түрде аўлап атырған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.

Қарақалпақстан Республикасы экология комитети баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, нызамбузыўшылар ҳайўанат дүньясына 47 миллион 100 мың сумлық зыян жеткерген. Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 90/4 статьясы менен жынаят иси қозғатылып, Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасына өткериў ушын ҳүжжетлер таярланбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги