Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Миллий кийимлер мақтанышымыз» сүрени астында көргизбе болып өтти.

 «Кемпир апам кийген кийимлер» атамасында Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, университеттиң ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси тәрепинен ҳаял-қызлар арасында миллий кийиниў мәдениятын үгит-нәсиятлаў, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларымызды улығлаў, жас әўладты усы қәдириятлар тийкарында тәрбиялаў, жаслар арасында кийиниў мәдениятын және де қәлиплестириў мақсетинде өткерилген илажда кең жәмийетшиликтиң ўәкиллери, университеттиң белсенди ҳаял-қызлары, студент-жаслар қатнасты.

– Илажды өткериўден гөзленген мақсет жоқарыда атап өтилген жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, жасларымыздың миллий кийимлеримизге болған ҳүрмет сезимин және де беккемлеўден ибарат, -дейди университет ректорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова. – Қалаберди, мине усы бағдарда жумыс алып барып атырған дизайнер ҳәм қәнигелерге жәрдем бериў, бул бағдардағы алдыңғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў нәзерде тутылған.

Илажда бешпент, көк көйлек, гежи орамал, сәўкеле, тақыя, адрас, атлас, шайы сыяқлы миллийлигимиздиң үлгилери бүгинги күнге шекем сақланып, барлық жастағы ҳаял-қызларымыздың көркине көрик қосатуғыны, бундай кийимлер халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың миллий қәдириятларымызға болған ҳүрмет сезимлерин және де арттыратуғыны атап өтилди. Қарақалпақ, өзбек ҳәм түркмен миллий үрп-әдетлерин, қәдириятларын өзинде сәўлелендирген кийимлер тамашагөйлерде айрықша тәсир қалдырды.

Илаж соңында университет ректоры тәрепинен илажға белсене қатнасқан студент-қызларға Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги