Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Елликқала районы Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген “Түн” илажы даўамында гүманланыўшы пуқараның жанында улыўма салмағы 116 грамм болған нәшебентлик заты бар екенлиги анықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, алып барылған оператив излеў илажлары нәтийжесинде Төрткүл районында жасаўшы пуқараның басқарыўындағы “COBALT” маркалы автотранспорт қуралы Елликқала районы аймағынан өтиўши А-380 “Гүзар – Бухара– Нөкис – Бейнеў” автомобил жолының 606-609 километрлери аралығында тоқтатылып тексерилгенде, пуқара М.Б.ның үстиндеги ақ реңли спорт кийиминиң оң тәрепиндеги қалтасынан ақ реңдеги целлофан пакетке оралған, ишинде қоңыр реңдеги, өткир ийисли, жумсақ, жабысқақ зат бар екенлиги анықланды ҳәм тийисли тәртипте рәсмийлестирилип алынды.
Бул жағдай бойынша таярланған судқа байланыслы химиялық экспертизасының жуўмағында М.Б. дан алынған қоңыр реңдеги, өткир ийисли, жумсақ, жабысқақ заттың қурамында Өзбекстан Республикасының аймағында айланыста болыўы қадаған етилген, таза салмағы 116 грамм “опий” нәшебентлик заты барлығы анықланды. Ҳәзир бул бойынша Б.М. ның қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 25, 273-статьялары 5-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги