Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде “Ватанпарварлар” әскерий-спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Арқа-батыс әскерий округи мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жарыстың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң ағзалары, басқа да мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, шақырыққа шекемги жасларды таярлаў пәни муғаллимлери ҳәм оқыўшылар қатнасты.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Жаслар аўқамы Орайлық кеңеси, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм “Ватанпарвар” шөлкеми Орайлық Кеңесиниң қоспа қарарына муўапық мәмлекетимиздеги улыўма билим бериў мектеплериндеги “Ўатан таянышы” отрядларына ағза болған питкериўши класстың оқыўшылары арасында Қорғаныў министриниң кубоги ушын “Ватанпарварлар” әскерий-спорт жарысы мине үш жылдан берли өткерилип, жасларда әскерий хызметке болған қызығыўшылық оятыў, оларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға хызмет етпекте.
Оқыўшы жасларды әскерий-әмелий спорт жарысларына кеңнен тартыў арқалы олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, өз-ара мәдений-спорт байланысларын жолға қойыў, жасларды спорт ойынларына ғалаба тартыў, саламат, бәркамал әўладты тәрбиялаўға бағдарланған жарыстың 2021-жылғы финал басқышында Кегейли районының жаслары биринши орынды ийелеп, Қорғаныў министриниң кубогин республикамызға алып келген еди.
Жарыста ҳәр командадан 7 ул бала ҳәм 3 қыз қатнасып, биринши шәртте жаслар пневматикалық мылтықтан қадағалаў атыў шынығыўы арқалы мергенлик шеберлигин, екинши шәртте қатнасыўшылар автоматты толық емес бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў, газге қарсы нықапты кийиў, жүк автомашинасының шинасын айландырып жуўырыў, үшинши шәртте 50 метр аралықтағы жәбирлениўшиге биринши медициналық жәрдем көрсетиў бойынша беллести. Кейинги “Дуатлон” шәртинде ҳәр командадан еки қатнасыўшыдан орташа аралыққа жуўырыў ҳәм велосипед айдаў, “Сапта қосық айтыў” шәртинде командалар сапта жүрип әскерий қосықларды жанлы атқарған болса, “Темур тузуклериниң билимданы” деп аталған соңғы шәртте бес сораўға жуўап берди.
Жарыстың жабылыў мәресиминде Арқа-батыс әсерий округи сәркардасы, генерал-майор Фарҳаджан Шерматов шығып сөйлеп, бүгинги күни мәмлекетимиз жасларына қаратылып атырған айрықша итибар, оларды әскерий-Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтап, бундай илажларды өткериўге барлық шараятлар жаратылып берилетуғынлығын атап өтти.
Жарыс жуўмағында Кегейли районындағы 41-санлы улыўма билим бериў мектебиниң “Лашынлар” командасы үшинши, жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышының өткен жылғы жеңимпазы Нөкис районындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң “Ақманғыт” командасы екинши орынларды қолға киргизген болса, Қанлыкөл районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң “Лашын” командасы биринши орынды ийелеп, мәмлекет басқышына жолламаны қолға киргизди.
Сондай-ақ, “Ең күшли спортшы”, “Темур тузуклериниң билимданы”, “Шебер мерген” сыяқлы бир қатар номинациялардың жеңимпазлары сыйлықланды.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, медаль, дипломлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери