Шоманай районлық Мәлимлеме-китапхана орайында «Китапсүйер миллет» сүрени «Китапқумарлық ҳәптелиги»н өткериў режелестирилген.
Усы реже тийкарында «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң ашылыўында ХIХ әсир қарақалпақ классик әдебиятының ири тулғасы Әжинияз Қосыбай улының 199 жыллығына арнап “Аты қарақалпақ еллерим барды ” атамасында шайырдың урпақлары менен ушырасыў кешеси болып өтти.
Ушырасыў кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты шайыр Қ.Наўрызов, руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң қәнигеси А.Қадирбердиев, “Шоманай нуры” газетасының редакторы, депутат М.Байдуллаева, «Бәркамал әўлад» балалар мектеби оқыўшылары, мектеп китапханашылары ҳәм китапқумар оқыўшылар қатнасты.
Кешеде сөзге шыққанлар «Китапсүйер миллет» сүрени астында болып өтетуғын «Китапқумарлық ҳәптелиги» менен қутлықлап, халқымыздың уллы сөз зергери Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында сөз етти.
Кеше шайырдың қосықларынан дүзилген концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы