Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен өткерилип атырған “Саламатлық сейили” акциясы Тақыятас районы медицина бирлеспесинде болып өтти.
Акция даўамында Ташкент қаласынан 18, Нөкис қаласынан 12 маман қәниге шыпакерлер келип халықты бийпул медициналық тексериўден өткерди.
Келген барлық пуқараларға керекли усыныслар берилди, амбулатор ҳәм стационар шараятта емлениўге жолламалар, соның менен бирге, Республика дәрежесинде емлениўге мүтәж наўқасларға арнаўлы жолламалар (ордерлер) берилди.
Соның ишинде, 45-65 жастағы ҳаяллар көкирек раги кеселлигиниң алдын алыў мақсетинде, арнаўлы көшпели маммография үскенеси жәрдеминде тексериўден өткерилди.
Буннан тысқары көшпели рентген аппараты ҳәм көшпели көз кеселликлерин көриў ушын арнаўлы автомашиналар халыққа өз хызметлерин көрсетти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы