Дүнья баспасөзинде Өзбекстан

Саудия Арабстаны ҳәм Жақын Шығыс регионындағы жетекши ғалаба хабар қуралларында Өзбекстандағы конституциялық реформалар процесине бағышланған дүркин мақалалар жәрияланбақта.

Соның ишинде, «AMMONNEWS.net» сайтында «Өзбекстан Орайлық сайлаў комиссиясының референдумға таярлық мәселесин көрип шықты» атамасындағы ОСК гезектеги мәжилисиниң баянатын жарытты.

Автор сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханаларда 55 референдум участкасы шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилгенине айрықша итибар қаратқан.

Бул веб-сайтта Олий Мажлис Сенаты комитетиниң баслығы Борий Алихановтың «Экологиялық ҳуқыққа байланыслы нормалар Конституцияда беккемленбекте» атамасындағы мақаласы да араб тилинде басып шығарылған.

Материалларда бүгин Өзбекстан турмысында терең өзгерислер жүз берип атырғанына итибар берилген.

– Түпкиликли реформалар жәмийетимиздиң пүткиллей жаңаша көринисин қәлиплестирмекте, -дейди автор. – Мәмлекетимизде пүткиллей жаңа дәўир басланды. Бул салыстырмалы уқсатыў емес, әйне ҳақыйқат.

Атап өтилгениндей, жаңа редакциядағы Конституция раўажланған мәмлекет – Жаңа Өзбекстанды қурыў идеясы әтирапында пүткил жәмийетти бирлестирмекте. Процессте барлық қатлам мәпи инабатқа алынғаны, кең жәмийетшиликтиң белсене қатнасып атырғаны түпкиликли мәниде халық Конституциясының пайда болып атырғанын билдиреди. Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, басылымда қоршаған орталықтың инсан саламатлығы ҳәм өмирине тәсир етиўши әҳмийетли фактор екени, соның ушын жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў арқалы ўатанласларымыз ҳәм келешек әўлад ушын қолайлы қоршаған орталықты тәмийинлеў бойынша конституциялық кепилликтиң күшейтилип атырғаны атап өтилген.

– Арал бойында пайда болған глобал экологиялық машқала 50 миллионға шамалас халықтың өмирине унамсыз тәсир етпекте,-делинеди мәлимлемеде. – Жаңа редакциядағы Конституцияда регион халқы ушын мүнәсип шараят жаратылыўы, турмыс дәрежесиниң сезилерли түрде жақсыланыўын тәмийинлейтуғын норма да киргизилмекте. Сондай-ақ, жумыссызлықты азайтыўдың конституциялық кепиллиги жаратылмақта.

Б.Худойбердиев, ӨзА