Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарғы алып барылып  ийгиликли ислерди халыққа жеткериў, жәмийетимизде миллий идея ҳәм дүньяға жаңаша көзқарасты қәлиплестириўде ғалаба хабар қуралларының тутқан орны айрықша.

Сол тийкарда усы жылдың 11-апрель күни Тахтакөпир районы аймағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басламасы менен Қарақалпақстан радиотелевидение тарқатыў орайы ҳәм «Нөкис саяхат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «Nókis-FМ» радиоканалы 92.3 МГц толқыны арқалы тест режиминде иске қосылды.

Буның нәтийжесинде Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Шымбай районларының ҳалқы «Nókis-FМ» радио каналының бағдарламаларын тыңлаў мүмкиншилигине ийе болып, бул бүгин ҳәр бир шаңарақ радиосында жаңламақта.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы