Ҳәзирги күнлери барлық орынларында Конституцияға жаңадан киргизилип атырған өзгерислердиң мәмлекетимиз ҳәм халқымыздың турмысын жақсылаўдағы тутқан орны туўралы кең түрде мағлыўматлар берилип, оның мазмуны ҳәм әҳмийетин, оның мәмлекетимиз раўажланыўындағы тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет екенлиги кең түрде додаланып келинбекте.

Жаңаланып атырған Конституцияда Қарақалпақстан халқы тәрепинен барлық усыныслар усы Конституция жойбарында ҳәр тәреплеме есапқа алынды. Аймақтың өзине тән этникалық, мәдений өзгешеликлери, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятлары, айрықша ҳуқықый статусын итибарға алып жаңаланып атырған Конституцияның Қарақалпақстанның мәмлекетлик дүзилиси ҳәм сиясий системасына байланыслы бирде-бир статья өзгермей  бурынғы қәддинде сақланып қалды, Конституцияның жаңаланып атырғанлығын есапқа алып тек ғана  қатар тәртиби өзгерип Қарақалпақстанға XVII баптың 85-90 статьялары арналған.

Әсиресе, жаңаланып атырған Конституциямызда пуқаралардың миннетлери олардың келешеги менен байланыслы қоршап турған тәбийғый  орталықты қорғаў  халкымыздың тарийхый, мәдений-руўхый қәдириятларын қәстерлеп сақлаў ҳәм олардың мәмлекет тәрепинен қорғалыўын тәмийинлеў  бойынша арнаўлы статьяның белгилениўи, пуқаралардың конституциялық миннетлемеси сыпатында киргизилмекте.

Жаңаланып атырған Бас нызамымыз мәмлекетимизде  жасап атырған ҳәр бир инсанға тийисли. Конституциямыздың  XI бабында  пуқаралардың ўазыйпалары белгиленип берилген. Әсиресе 59-статьяда  «Барлық пуқаралар Конституцияда белгиленген миннетлерди орынлайды»  деп көрсетилген. Расында да ҳәр бир пуқара келип шығыўы, лаўазымы, жынысы, миллетине қарамастан  Конституцияда белгиленген миннетлерди сөзсиз орынлаўы белгилеп берилген.

Конституцияның  61-статьясында  пухаралар Өзбекстан халқының тарийхый, руўхый,  мәдений, илимий ҳәм тәбийғый мийрасын қәстерлепр сақлаўы шәрт,-деп белгиленип қойылған.

Тарийхый, руўхый,  мәдений, илимий ҳәм тәбийғый мийрас мәмлекет тәрепинен қорғалады делинген.  Ҳақыйқатында да Ўатанымыздың әййемги ҳәм бай тарийхын үйрениў, бул бағдарда илимий-изертлеў жумысларын күшейтиў, гуманитарлық тараў илимпазларының жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жумыслары басқышпа басқыш әмелге асырылып келинбекте.

Соңғы ўақытларда Илимлер академиясының тарийх, археология ҳәм Көркем өнер таныў институтларының жумысын, жоқары оқыў орынлары ҳәм музейлердеги археологиялық излениўлерди сырт елли шериклер менен шөлкемлестириў зәрүрлигиде усы бас нызамымыз тийкарында әмелге асырылады. Республикамыздлағы мәдений мийрас объектлериниң көпшилик бөлими ЮНЕСКОның дизимине киргизилген, мәмлекетимиздиң қайталанбас  тәбияты, гөззал дем алыў зоналары имканиятларынан пайдаланып жаңа  туристлик бағдарларды ашыў мүкиншилиги ҳаққында елде қолайлықлар жаратылады.

Конституцияда жасларда қәдириятларымызға садықлық, ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириўге ғамхорлық етиўи белгиленбекте. Улыўма алғанда Конституция жойбарындағы статьялар саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 тен 434 ке артты, және де Конституциямызда жәмийетимиздиң барлық тараўлары бойынша жаңа ықшамласытырылған, халықшыл нормалар киргизилген. Бул мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын тийкарғы жол баслаўшы көрсеткиш есапланады, соның ушын  барлық пуқараларымызды 30-апрель күни болып өтетуғын референдумға белсене қатнасыўға шақырып қаламан. Себеби, конституция айдын келешегимиздиң айдынлығын тәмийинлейтуғын ең жоқары дәрежедеги юридикалық ҳүжжет болып табылады.

Саламат Сулайманов,

ҚМУ тарийх факультети деканы,

техника илимлериниң кандидаты, доцент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги