Усы жыл 11-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Қарақалпақстан халық бақсысы Әмет Тарийховтың 100 жыллық юбилейине арналған «Халық даналығы – тәлим ҳәм тәрбияның түп сағасы» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференцияныӊ ашылыў мәресими болып өтти.

Республикамызға белгили көркем өнер ҳәм мәденият тараўының ўәкиллери, бақсының шәкиртлери, шаңарақ ағзалары, кең жәмийетшилик  ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасқан әнжуманды филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашты.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ Турдиев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қ.Заретдинов, филология илимлериниӊ докторы, профессор Қ.Жаримбетов, Өзбекстан халық бақсысы Ғ.Өтемуратов шығып сөйлеп, Президентимиздиӊ басшылығында миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди, соныӊ ишинде бақсышылықты раўажландырыў, тараўдыӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, қәнигелер таярлаўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.



Сондай-ақ, халықаралық илимлер академиясы лауреаты Ж.Турдымуратов, педагогика илимлери бойынша философия докторы, доцент А.Ережепов, Қарақалпақстан халық бақсысы, доцент Г.Ахымбетовалар бақсы-жыраўшылық көркем өнеринде устаз-шәкирт дәстүрлери, олардыӊ бүгинги сақланыў жағдайы, Әмет Тарийховтыӊ бақсышылық өнериндеги тутқан орны, дәстанларды атқарыўдағы өзгешеликлери мәселелери бойынша баянат жасады.



Атап өтилгениндей, Әмет Тарийховтың өзиниң айрықша таланты, бай дүньяқарасы менен миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўда орны оғада салмақлы. Ол 1923-жылы Қарақалпақстанның Қараөзек районы аймағындағы Есим бойы Сағанай қуйын деген аўылда туўылған. Шаӊарағы жүдә жарлы болғанлықтан күн көриў ушын дийханшылық ислери менен шуғылланған. Репрессия дәўиринде Қарақалпақстанда саўатлы адамлардың қуўдаланыўы себебинен жаслайынан ата-анасынан жетим қалып, ағайинлериниң қолында тәрбияланады.

Әмет Тарийхов 1935-жылы 12 жасында ликбезге оқыўға кирип, 4 жыл оқыған. Ол ата-бабасында бақсышылық болмаса да аўылға келген бақсы-жыраўларды түни бойы уйқыламай тыңлайтуғын еди. Бул дәўирде, әсиресе 20-жыллардың ақыры, 30-50-жыллары бақсышылық өнери өзиниң  атқарылыўы жағынан революциядан бурынғы миллий классикалық формасын сақлаған еди. Жыраў-бақсылар қур жыйнап, үлкен клубларда, я сейисханаларда айтатуғын еди.

1943-жылы сентябрь айында фронтқа кетти. 1944-жылдың июнине шекем Белоруссиядағы 820-атқышлар полкында хызмет етеди. Витебск тоғайында болған саўашта көзинен жарадар болып урыстан қайтып келеди.

1944-45-жыллары туўылған аўылында табельщик хызметин даўам етеди. Урыс дәўиринде ҳәм урыстан кейинги  жыллары Қарақалпақстанның бақсы-жыраўлары халқымызды немец-фашист басқыншыларына қарсы патриотизм руўхында тәрбиялаўда халық арасында қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларын атқарып үлкен хызметлер етти.

Оның бақсышылық жолын таңлаўында елге белгили Изимбет жыраў, Әбдирасул жыраў, Есжан бақсы, Төребай бақсылардың тәсири күшли болған. Әсиресе, Әмет Тарийхов Есжан бақсы ҳәм Қурбанияз баксыларға шәкирт болған. Устазларынан  бир неше халық қосықларын ҳәм  «Қырмандәли», «Ғәрип ашық», «Саятхан-Ҳәмре», «Юсуп-Ахмет», «Бәзирген» сыяқлы лиро-эпикалық (ашықлық) дәстанларын қунт пенен үйренеди ҳәм бақсының шебер намалары, қоңыраўдай саз даўысы, атқарған дәстанлары оны белгили бақсы дәрежесине көтереди.

Бақсының көп жыллық мийнети ҳәм руўхый-мәдений табыслары ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, оған 1967-жылы «Қарақалпақстанға мийнети сиңген артист», 1983-жылы «Қарақалпақстан халық бақсысы»  ҳүрметли атақлары бериледи. Әмет бақсы Тарийхов тек ғана Өзбекстан көлеминде емес, ал қоңсылас Қазақстан, Түрменстан Республикаларының тамашагөйлеринде өзиниң бәлент лапызы, қарақалпақ миллий ырғақларына бай әжайып ҳаўазы менен өшпес из қалдырды.

1991-жылы халқымызға белгили бақсының елимизге кѳрсеткен үлкен хызметлерин әдил баҳалаў ҳәм оның атын мәңгилестириў ҳаққындағы ѳтинишлери бойынша Нөкис қаласында өзи жасаған кѳше Әмет бақсы Тарийхов атына қойылды. 2002-жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң топономикалық объектлердиң атамалары мәселелерин муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссия мәжилисиниң 2002-жыл 26-июльдеги  протоколлық шешими тийкарында Нѳкис қалалық 2-санлы балалар  музыка ҳәм көркем өнер мектебине Әмет бақсы Тарийхов аты берилди. «Ѳзбеккино» миллий агентлиги «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен  «Бәлент лапызлы бақсы» ҳүжжетли фильм сүўретке алынды. 2022-жылы 25-ноябрьде Нөкис қалалық Әмет бақсы Тарийхов атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасы «Жыраў-бақсылар» жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен 100 жыллық юбилейине бағышланып  республикалық «Жас бақсылар» таӊлаўы өткерилди.

Усы жылдыӊ январь айында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўда мүнәсип үлес қосқан бир топар пидайылардыӊ юбилей сәнелерин, соныӊ ишинде Қарақалпақстан халық бақсысы Әмет Тарийховтың 100 жыллық юбилейин республикамыз бойлап кеӊ түрде ҳәм жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында мәжилис қарары шықты.   Усыған байланыслы февраль айында Қарақалпақстан Республикасы  «Жыраў-бақсылар» жәмийетлик  бирлеспеси  тәрепинен 50 ҳәм оннан да жоқары жастағы бақсылар арасында Республикалық бақсылар таӊлаўы өткерилди.

– Ҳақыйқатында да Әмет Тарийхов халық дәстанларын шеберлик пенен атқарып, халқымыздыӊ кеўлинен тереӊ орын ийелеген бақсыларымыздан бири болды, – дейди Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткри, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қурбанбай Заретдинов. – Бүгинги күнде умыт болып баратырған бақсышылық өнери қайта тикленип, көркем өнерге қызығыўшы жасларды тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2022-2023-оқыў жылында бақсышылық ҳәм дәстаншылық тәлим бағдарыныӊ ашылыўы буныӊ айқын мысалы болып табылады.

Илаж соӊында бақсыныӊ улы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық билимлендириўиниӊ ағласы М.Тарийхов шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди. Қатнасыўшыларға филиал студент-жасларыныӊ концерт бағдарламасы қойып берилди.









Республикалық илимий-теориялық конференция секцияларға бөлинген ҳалда даўам етти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери