Пайтахтымызда Өзбекстан  фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийлери кеңесиниң Президиум мәжилиси болып өтти. Онда кеңестиң Президиум ағзалары – Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлық кеңеслериниң басшылары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары қатнасты.

Мәжилисте Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен аграр тараўында әмелге асырылып атырған реформалар фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, системада базар механизмлерин енгизиў, көп тармақлы фермер хожалықларын буннан былай да раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў көлемин турақлы арттырып барыў және егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлерин, экспортқа қолайлы азық-аўқат өнимлерин жетистириўде жоқары нәтийжелер берип атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 9-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик жерлеринен нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, 2017-жыл 10-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли қолланба болып хызмет етпекте.

Кеңестиң келешектеги жумысында тараўды және де реформалаў, аўыл хожалығы егислик жерлеринен, соның ишинде, халықтың қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, тараўға алдынғы технологияларды ҳәм илим жетискенликлерин кеңнен енгизиў арқалы өндирис көлемин арттырыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Өзбекстан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы Бахадыр Юсупов басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри лаўазымында ислеп атырған Актам Хаитов кеңестиң баслығы ўазыйпасын атқарыўшы етип сайланды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов шығып сөйледи.

 

Б.АЙТМУРОДОВ,

ӨзА ның хабаршысы