Мәмлекеттиң валюта активлери болса 13,2 процентке азайып, 10,1 миллиард долларды қурады.

Өзбекстанның улыўма алтын-валюта резервлери, атап айтқанда, монетар алтын ҳәм валюта активлери 2023-жылдың биринши шерегинде 1 процентке азайып, 35,4 миллиард долларға жетти. Бул ҳаққында Орайлық Банк мағлыўматларына сүйенген ҳалда «Прайм» басылымы жазды.

Хабарда келтириўине қарағанда, монетар алтын көлеми 1,1 процентке асып, 24,3 миллиард долларды қурады. Мәмлекеттиң валюта активлери болса 13,2 процентке азайып, 10,1 миллиард долларды қурады.

Орайлық Банк мағлыўматларына бола, Өзбекстан алтын-валюта резервлери өткен жылға салыстырғанда 1 процентке өсип, 35 миллиард 768 миллион долларға жетти.

 

Уразбаева Гулхатиша,

ҚМУ интернет журналистикасы студенти.

Қарақалпақстан хабар агенттлиги