Жаңа редакциядағы Конституцияның 27-статьясында усланған шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин күшейтиўге қаратылған қағыйдаларды киргизиў усыныс етилмекте. Атап айтқанда, улыўма тән алынған «Хабеас корпус» институтын енгизиў нәзерде тутылмақта.

«Хабеас корпус» институты қолға алыў, қамаққа алыў ҳәм қамақта сақлаўға тек ғана судтың қарары менен рухсат берилиўин нәзерде тутады. Судтың қарарысыз шахс қырық сегиз сааттан аслам услап турылыўы мүмкин емес.

«Хабеас корпус» институты миллий жынаят-процессуаллық нызамшылықта 2008-жылы қамаққа алыўға санкция бериў ҳуқықы прокуратурадан судларға өткерилгенинен берли беккемленген. Кейинги жылларда тергеў үстинен суд қадағалаўының бул түри процессуаллық мәжбүрлеў илажларына ҳәм шахстың қолқатылмаслығына байланыслы бир қатар тергеў ҳәрекетлерине рухсат бериў ҳуқықын судларға бериў арқалы избе-из кеңейтилди. Бүгинги күнге келип, суд тәрепинен рухсат берилетуғын процессуаллық мәжбүрлеў ҳәм тергеў ҳәрекетлериниң саны 10 ға жетти.

«Хабеас корпус» институты Инсан ҳуқықлары улыўма жер жүзилик декларациясында беккемленген ҳәм дерлик барлық фундаментал халықаралық ҳүжжетлерде өз көринисин тапқан. Бул ҳүжжетлерде ҳеш ким өзбасымшалық пенен қолға алыныўы, услап турылыўы ямаса сүргин етилиўи мүмкин емес екени қатаң белгиленген.

Буннан тысқары, «Хабеас корпус» институты АҚШ, Германия, Италия, Испания, Австрия, Уллы Британия, Португалия ҳәм басқа да мәмлекетлер конституцияларында өз көринисин тапқан.

2017-жылы жынаят ислеўде гүман етилип атырған шахсларды услап турыў мүддети 72 сааттан 48 саатқа шекем қысқартылды. Солай етип, услап турыўдың прцессуаллық мүддетлери Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакт нормаларына бейимлестирилгенин атап өтиў керек.

Соның менен бирге, егер услап турыўдың нызамлылығы ҳәм тийкарлылығы судта дәлийлленбесе, шахс тезлик пенен азат етилиўи керек.

Жаңа редакциядағы Конституцияда «Шахс судтың қарарысыз қырық сегиз сааттан аслам услап турыўы мүмкин емес. Шахс услап турылған ўақыттан баслап қырық сегиз саат өткенге шекем судқа услап турыўдың нызамлылығы ҳәм тийкарлылығы ҳаққындағы мәселени шешиў ушын алып барылыўы керек. Егер услап турыўдың нызамлылығы ҳәм тийкарлылығы судта дәлийлленбесе, шахс тезлик пенен азат етилиўи керек» деген норма белгиленбекте.

Шахс суд қарарысыз 48 сааттан көп мүддет услап турылыў мүмкин емес екени қағыйдасы биринши гезекте, оны тийкарсыз ҳәм мүддетсиз қолға алыўына жол қоймаў талабын қатаң белгилейди.

Қамақ бас шарасының судлар тәрепинен қолланыў әмелиятын келтиретуғын болсақ, 2022-жылы тергеў уйымларынан судларға келип түскен жәми 24 118 илтимасынан 23 503 и қанаатландырылған, 485 и болса қайтарылған, яғный 485 шахсқа тийкарсыз түрде қамақ бас шарасының қолланылыўының алды алынған.

Усы норманың конституциялық дәрежеде беккемлениўи шахстың еркин ҳәрекетлениўине болған ҳуқықының исенимли кепили болады ҳәм шахс услап турылған ўақыттан баслап қырық сегиз саат өткенге шекем судқа услап турыўдың нызамлылығы ҳәм тийкарлылығы ҳаққындағы мәселени шешиў ушын алып барылыўы керек екенин қатаң белгилейди, егер суд тәрепинен шахсты қолға алыў ямаса оған басқаша түрдеги еркинен айырыўға байланыслы қарар қабыл етилмесе, шахс жеделлик пенен азат етилиўи зәрүр екенин аңлатады.

Шахсты услаў ўақтында оның ҳуқықлары ҳәм қолға алыў тийкарлары оған түсиникли тилде түсиндириўи мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың өзбасымшалығынан қорғайды, олардың жуўапкершилигин және де күшейтеди, пуқаралардың болса ҳуқықый мәдениятын арттырыўға себеп болады. Өз ҳуқықын билген инсанларға қарсы тергеўде күш көрсетиў ямаса нызамға қайшы келетуғын жумыслар ислеў итималы кескин азаяды.

Конституция дәрежесинде бул қағыйданың белгилиниўи инсан ҳуқықлары тараўында сезилерли дәрежеде көтерилиўине себеп болады, себеби ески дүзимнен мийрас болып қалған суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары пуқараларды жазалайтуғын көзқарастан инсан ҳуқықларын ҳүрмет ететуғын ҳәм қорғайтуғын, аяқ-асты етилген ҳуқықларды тиклейтуғын көзқарасқа өзгертилмекте.

Азат МАТМУРАТОВ,

Халық депутатлары Тақыятас районлық

Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги