Бүгинги күнде пайтахтымыздағы «Саманбай» елатының «Анасай» мәкан пуқаралар жыйынында 1020 хожалық бар болып, 1167 шаңарақта жәми 5362 адам жасайды. Бир жағы Әмиўдәрьяның, екинши тәрепи «Қаттыағар» каналының суўлары менен қоршалған бул елат қаладағы ең жасыллыққа бүркелген аймақ саналады.

– Аймағымыздағы хожалықлардың 815 и, яғный, басым көпшилиги өзлерине тийисли қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланып атыр. Аймағымызда шаңарақлық исбилерменлик, саўда-сатық, миллий өнерментшилик ҳәм исбилерменликтиң басқа да тараўлары менен шуғылланып атырған 15 пуқара бар,-дейди «Анасай» МПЖ баслығы Таҳир Мырзамуратов.

Биз усы аймақтағы Ташкент көшеси 1-жайда жасайтуғын Жумажан Қалжанов ҳәм Назархан көшеси 54-жайда жасайтуғын Мақсетбай Ерниязовлар менен сәўбетлесип, дийханшылық, хожалыққа қараў, әтирапты абаданластырыў, өзине ҳәм жәмийетке пайда келтириў сыяқлы мәселелер дөгерегинде сәўбетлестик.

– Мен, «Саманбай»ға 1993-жылы көшип келген едим. Бул жер Әмиўдәрьяның қайыры тепкен жер болғаны ушын ба, жери оғада қунарлы. Әтирапымыздағы қоңсылардың барлығы да үйине керекли егинлерин егип, пайдаланып отырыпты. Ҳаялым менен бирге жумыстан бос ўақытларымда нәл жетистиремиз. Ҳәр қыйлы егинлерди егип базарға шығарамыз. Усы қыйтақ жердиң арқасында қызым менен баламды жоқары оқыў орнында оқытып алдым. Контракт төлемлерин төледим,-дейди Ж.Қалжанов. – Кеше Мойнаққа 300 дей нәл апарған едим. Ҳәмме таласып алды. Ертең Хожелиге алмурт, жүзим, ерик сыяқлы мийўе нәллерин алып бармақшыман. Атыздағы мийўе ағашлары еле толық көгермей атырып келдиңиз. Бир айлардан кейин үй әтирапы пүткиллей жасыллыққа көмилип қалады.

Сәўбетлесиў даўамында еки адам оның үйине келип, биреўи алмурт нәллерин, екиншиси жүзим нәллерин алып кетти.

– Мен бул жерге 2000-жылы көшип келдим. Өзим дийқаншылық пенен 1975-жылдан берли шуғылланаман. Ҳаялым Нәзигүл Досанова да жумыстан бос ўақытлары гүл өсириў менен шуғылланатуғын еди. Пенсияға шығып, бирге дийқаншылық ететуғын болдық,-дейди М.Ерниязов. – Усы жерге көшип келген ўақтымда жеримниң асты изейкеш еди. Көмип егислик жер қылдым. Ҳәр қыйлы мийўе ағашларын отырғыздым. Бизиң исимиз балаларымызға үлги болды. Бәри де дийқаншылыққа қызығады.

Усы жерде биз сол аймақтағы айырым пуқаралардың жерлерин қаңыратып қойғанын көрдик. Жерге көп жыллардан берли ҳеш нәрсе егилмегени белгили болып тур.

– Биз не қыла аламыз. Билген ақылымызды айттық. Бундай ҳасыл жерге теректи терис тиксең де көгереди. Жерине қарамай, усындай жерди қор қылып қойыпты. Мине, өзиңиз көрип турғаныңыздай, оның жериндеги бир мүйеште турған өткен жылғы бир дана жабайы шөп те қуўрап жатыр,-дейди М.Ерниязов қоңсысының жалқаўлығына күйинип.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик жерлеринен нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында аўыл хожалығына базар қатнасықларын енгизиў, өндиристи раўажландырыў, меншик ийелери класын қәлиплестириў және олардың еркинлигин тәмийинлеў бойынша басқышпа-басқыш реформалар әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Онда, «Қыйтақ жер – қосымша дәрамат дереги» сүренин халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў және жер ийелериниң күнделикли жумысына сиңдириў ўазыйпасы белгиленген.

Пәрман бойынша, 2018-жылдың зүрәәтинен баслап фермер хожалықларының жер участкаларынан пайдаланыў нәтийжелилиги ҳәр шеректе халық депутатлары районлық кеңеслеринде, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң егислик жерлерден пайдаланыў нәтийжелилиги ҳәр айда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында додаланып барылады.

Жер майданларынан нәтийжесиз пайдаланған жер ийелерине жер участкаларына болған ҳуқықлардың бийкар етилиўине шекем болған қатаң жуўапкершилик илажлары көриледи. Ал, дийқаншылық мәдениятын арттырыўда мүнәсип үлес қосқан ҳәм өндиристе жоқары нәтийжелерге ерискен фермер, дийқан хожалықларының басшылары ҳәм қыйтақ жер ийелери «Алдынғы фермер», «Мийнеткеш дийқан» ҳәм «Үлгили қыйтақ жер егиўши» көкирек белгилери менен сыйлықланады.

 

Әдилбай Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.