Усы жыл 6-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Муҳаммед ибн Аҳмед әл Беруний атындағы ислам билим журты жәмәәти ҳәм билим алып атырған жаслар менен ушырасты.

Жоқарғы Кеңес Баслығы дәслеп, жаслар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Оқыў орнында жаслардың тыянақлы билим алыўы ушын барлық имканиятлар жаратылған. Атап айтқанда, заманагөй окыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, жатақхана, асхана, спорт залы менен саламатлық ханалары усылар қатарына киреди.

Усы күни Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен билим бериў орны жаслары ушын ифтарлық (аўыз ашыў) дастурханы жайылды.

Ифтарлық Қураны Кәрийм тиләўаты менен басланды. Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде бүгинги күнде өз қәбилетин жүзеге шығарыў нийетиндеги жасларға қаратылып атырған итибар, оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм билдирилип атырған исенимниң айрықша екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, усы билим журтыныӊ директоры Ш.Бауатдинов сөзге шығып, билдирилип атырған исеним, көрсетилип атырған ғамхорлықлар ушын  Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Бүгинги күнде бул жерде 34 оқытыўшы 141 жасқа тәлим-тәрбия берип келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги