Президент Шавкат Мирзиёев жаслар сиясаты ҳәм спортты раўажландырыў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформаларға муўапық, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги дүзилген еди. Презентацияда бул тараўларда мәмлекетлик басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм оларды раўажландырыўға байланыслы илажлар белгиленди.

Жаңа системаға бола, жаслар арасында фестиваль, форум, таңлаў ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажларды бир пүтин жыллық календарьлық реже тийкарында өткериў енгизиледи ҳәм бул бойынша мағлыўматлар yoshlarportali.uz бирден-бир электрон платформасына жайластырылып барылады. «Жаслар дәптери» арқалы усынылатуғын социаллық-экономикалық хызмет түрлери 2023-2024-жылларда 1,5 есеге шекем арттырылады.

Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги қурамындағы 3 мәмлекетлик унитар кәрханасының жумысы оптималластырылып, олардың функциясы жеке меншик секторға өткериледи.

Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде тараўдағы 24 бағдарды қамтып алған «ERP Sport» бирден-бир электрон басқарыў системасы иске қосылады.

Тараўды санластырыў ҳәм спорт туризмин раўажландырыўға да үлкен итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, келеси жылдан баслап жарысларда қатнасатуғын спортшылардың шахсы ҳәм маманлығын идентификация карталары арқалы анықлаў тәртиби енгизиледи. Спортқа қәўендерлик көрсеткен физикалық тәреплерге сырт еллердеги турнирлерде қатнасыў имканияты бериледи. Буның ушын олардың арасында лотерея ойынлары өткериледи.

Тараў ўәкиллерин қосымша ҳошаметлеў мақсетинде Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң стипендиясы енгизилмекте. Сондай-ақ, спортшыларға ҳуқықый, медициналық хызметлер көрсетиў илажлары да нәзерде тутылмақта.

Елимизде футбол ең ғалабалық спорт түри. Сол себепли, бул бағдарды раўажландырыў мәселесине айрықша тоқтап өтилди. ФИФАның арнаўлы бағдарламасы тийкарында бақша ҳәм мәҳәллелерде «Ғалабалық футбол», орта билимлендириўде «Мектеплерде футбол» ҳәм жоқары оқыў орынларында «Студентлер лигасы» бағдарламаларын енгизиў усынысы билдирилди.

Қәбилетли футболшыларда таңлаў ҳәм таярлаўдың үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан футбол ассоциациясы жанында 14 футбол мектеби, «Дўстлик» стадионы негизинде барлық жас категориялар ушын Сайланды командалар орайы дүзиледи. Футбол бойынша қәнигелерди таярлаў орайының жумысы жетилистирилип, Хорватия, Япония ҳәм басқа да мәмлекетлерден жуўапкерлер тартылады.

Тараў инфраструктурасын раўажландырыў ушын Өзбекстан футболын қоллап-қуўатлаў қоры дүзиледи. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери аймақлық футбол ассоциацияларының басшылары етип белгиленеди.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды қоллап-қуўатлап, оларды нәтийжели әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА