Өзбекстан Мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий ҳәзирет Нуриддин Холиқназаров республикамызда хызмет сапарында болды. Сапар даўамында Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Шамсуддин Баҳауддинов пенен бирге республикамыздағы бир қатар мешитлердиң шараятлары менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, сапар даўамында мөмин-мусылманлар менен сәўбетлесиўлер, имам-хатиблер менен ушырасыў өткерип, өзиниң пикир-усынысларын берди.

Күнниң екинши ярымында Муфтий ҳәзирет Нуриддин устаз Нөкис қаласындағы «Сәлмен ийшан» мешитине таровеҳ намазына келип, уллы айдағы әмеллердиң саўабы ҳаққында сәўбетлести. Ушырасыў даўамында бүгинги күнде елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған көплеген қайырлы ислердиң инсан мәпи ушын хызмет ететуғыны, диний тараўдағы жаңаланыўлар, мешитлердеги қолай шараятлар ҳаққында сөз етилип, Алладан жақсы нийетлердиң қабыл болыўы ушын дуўалар қылды.






– Мешиттиң абат болыўы менен елимиз абат болады. Себеби, мешитке ибадат ушын келген ҳәр бир мөмин Алла тааладан елимиздиң тынышлығын, халқымыздың абаданлығын сорап дуўалар қылады,-дейди Қарақалпақстан Мусылманлар қазыяты қазысының орынбасары Баҳрамаддин Разов. -Бул дуўалардың шарапаты менен Алла таала елимизди және де абадан, несийбелеримизди буннан да зыяда етип береди, инша Алла.

      Қарақалпақстан хабар агентлиги