Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Ташкент қаласында бир қатар ушырасыўлар өткерди.
Атап айтқанда, Чиланзар районы ҳәкимлигинде Чиланзар, Мырза Улығбек, Мирабад, Юнусабад районларының барлық мәҳәллелериндеги ҳаял-қызлар белсендилери менен болып өткен сөйлесиўде мәмлекетимизде кейинги жылларда әмелге асырылған кең көлемли реформалар ҳаққында сөз етилди. Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи ушын шараятларды жаратыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик жумысын буннан былай да раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтти. Бул процесслер жаңа редакцияда таярланған Конституция менен беккемленгени атап өтилди.
Янгиҳаёт районындағы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанында шөлкемлестирилген оқыў орайының жумысы менен танысты. Орай Янгиҳаёт ҳәм Сергели районындағы жумыссыз ҳәм бәнт болмаған халықты кәсипке оқытыў, қайта оқытыў ҳәм маманлығын арттырыўға қәнигелескен болып, бул жерде пуқаралар 11 кәсипке оқытылмақта.
Орай тыңлаўшылары ҳәм оқытыўшылары менен болып өткен сөйлесиўде жаңа редакциядағы Конституция жойбарында мәмлекет пуқараларының бәнтлигин тәмийинлеў, оларды жумыссызлықтан қорғаў, сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыў илажларын көриў беккемленгени айрықша атап өтилди. Қалаберсе, мәмлекет пуқараларының кәсиплик таярлығын ҳәм қайта таярланыўын шөлкемлестириў ҳәм хошаметлеўиниң сәўлелендирилгени айтып өтилди.
Бул жаңа норма жумыс пенен тәмийинленбеген пуқаралардың кәмбағаллық жағдайына түсип қалыўының алдын алыўға ямаса кәмбағаллық категориясына кирип қалған пуқараларды оннан шығарыў бойынша мәмлекет тәрепинен тийисли илажлардың көрилиўине конституциялық кепиллик сыпатында хызмет етеди.
Сенат Баслығы Ташкент ўәлаяты халқы менен де сөйлести. Дәслеп, ўәлаят ҳәкимлигинде халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеси депутатлары, кәсиплик аўқамлардың белсендилери, мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди. Қатнасыўшыларға референдум, жаңаланған Конституцияның мазмун-мәниси, оған киргизилип атырған жаңа статья ҳәм нормалар ҳаққында толық түсиник берилди.
Соның ишинде, жаңа редакциядағы Конституция жойбарында мәҳәллелерге халықтың күнделикли машқалаларын шешиў бойынша еркин қарар қабыл етиў ўәкиллигин бериў, буның ушын шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық имканиятлар жаратыў белгиленген. Булардың ҳәммеси мәмлекетлик ҳәкимиятта есап бериў, ашық-айдынлық, нәтийжели қарар қабыл етиў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Жоқары Шыршық районында жергиликли Кеңес депутатлары, кәсиплик аўқамлар ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери, мәкан пуқаралар жыйынларының ўәкиллери менен ушырасыў өтерилип, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға итибар қаратылды.
Районның «Маърифат» мәҳәллеси аймағында жайласқан «Ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыў ҳәм саламатлығын беккемлеў орайы»ның жумысы менен танысылды. Орай тыңлаўшылары менен сөйлесиў өткерилди.
Сенат Баслығы Қибрай районының «Нурафшан» мәҳәллесинде шөлкемлестирилген Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими жанындағы «Ҳаял-қызларды оқытыў ҳәм қоллап-қуўатлаў орайы»ның жумысы менен танысты. Районның «Янгиобод» мәҳәллеси аймағында шөлкемлестирилген «Канишка» тоқымашылық кәрханасында жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар менен де сәўбетлести.
Бул сөйлесиўлерде Бас нызамымызға киргизилип атырған нормалар, олардың әҳмийети баслы тема болды. Жаңаланып атырған Конституцияда инсан ҳуқықлары менен еркинликлери сезилерли дәрежеде кеңейтилгени атап өтилди.
Соның ишинде, Конституция экологиялық ҳуқықлар, денсаўлықты сақлаў, ҳаял-қызлар ҳәм ерлер теңлиги, еркин ҳәрекетлениў, жасаў орнын еркин таңлаў, мәмлекеттен шығыў ҳәм иркинишсиз қайтыў, интернеттен пайдаланыў, шахсқа байланыслы мағлыўматлардың қорғалыўы, жоқары билимлендириў, бийпул юридикалық жәрдем алыў, турақ жайға ийе болыў, банк операциялары ҳәм есапбетлериниң сыр сақланыўы, нызамшылыққа байланыслы усыныс киргизиў сыяқлы нормалар менен толықтырылғаны айтып өтилди.
ӨзА