Республикамыз аймағына алып кириў қадаған етилген диний мағлыўматларды сақлаў ҳәм тарқатыў жуўапкершиликке себеп болады. Деген менен айырым жасларымыз бул ушын жуўапкершилик бар екенлигин биле тура уялы телефонында сақлап келмекте.

1999-жылы 16-ноябрь күни Нөкис қаласында туўылған, Б.А. өзине тийисли «Samsung Galaxy J5» маркалы қол телефонындағы «Instagram» социаллық тармағында диний мазмундағы видеофайллар ҳәм мағлыўматларды сақлап келген.  Оның «Samsung Galaxy J5» маркалы қол телефоны айғақлы зат ретинде алынып, ўақтынша сақлаў ушын Нөкис қаласы Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасына  айғақлы затларды сақлаў ханасына тапсырылған.

Суд-психологиялық, философиялық, филологиялық ҳәм динийкомплекс экспертизасының 2022-жыл 24-март күнги ИБ-043-санлы жуўмағына бола, айғақлы зат ретинде алынған «Samsung Galaxy J5» маркалы қол телефонында жайласқан диний мазмундағы файллар қадаған етилген диний мазмундағы материаллар қатарына киргизилмегенлиги көрсетилген. Бул ис-ҳәрекетлери менен ҳуқықбузар А.Б. Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 1843 -статьясында көрсетилген ҳуқықбузарлықты ислеген.

Суд мәжилисинде ҳуқықбузар А.Б. айыбын мойынлап, 2019-жыл август айынан баслап Қуран оқыўды үйренгенлигин, кейин өзиниң «Samsung Galaxy J5» маркалы қол телефонындағы «Instagram» социаллық тармағында диний мазмундағы 78 видеофайл ҳәм мағлыўматты киргизип жүргенлигин, соң диний мазмундағы файллар бар екенлиги ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен анықланғанын мәлим етти. Оныӊ ҳуқықбузарлық екенлигин билмегенлигин, ислеген исинен шын кеўилден пушайман екенлигин, кеширим сорайтуғынын, өзи студент екенлигин, өзине жеңиллик қоллаўды сорайтуғынлығын айтып көрсетпе берди.

Суд, ҳуқықбузар А.Б.ның Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 1843 -статьясы менен дурыс квалификацияланған деп есаплап, ҳуқықбузарға жаза тайынлаўда, оның ис-ҳәрекетинен шын кеўилден пушайманлығын, студент екенлигин ҳәм төлемли контракт тийкарында оқып атырғанлығын жуўапкершилигин жеңиллестириўши жағдайлары деп есаплап, ал оның жуўапкершилигин аўырластырыўшы жағдайлары жоқ деп таўып, Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 33-статьясын қолланып, статья санкциясында нәзерде тутылған ең кем жәрийма муғдарынанда кемирек жәрийма муғдарын тайынлаўды лазым тапты.

Суд, соның менен бирге, ис бойынша айғақлы зат ретинде алынып, орташа сатылыў баҳасы 600 мың сум болған “Samsung Galaxy A12” маркалы қол телефонын тийисли тәртипте мәмлекет пайдасына өткериўди лазым тапты.

Ҳуқықбузар А.Б. Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 1843-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислеген деп табылып, базалық есаплаў муғдарының 1 (бир) есеси, яғный 270 мың сум муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги