БМШ тың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми – FAO Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги менен биргеликте Нөкисте усы жылдың 23-26-март күнлери аралығында тараў қәнигелери ушын шегирткелерге қарсы гүресиў бойынша тренинг өткермекте.

Семинар-тренинг даўамында шегирткелердиң тарқалыў динамикасы ҳәм оның климаттың өзгериўине ҳәм антропоген тийкарлар менен байланысы, шегирткелердиң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятларында тарқалыў ошақлары, олардың көптүрлилиги ҳәм биоэкологиясы сыяқлы әҳмийетли мәселелер ҳаққында баянатлар тыңланып, дала шараятында усы жәнликлерден қорғаныў илажларын өткериў технологиясы, шегирткелерге қарсы гүресиўде микробиологиялық препаратлардан пайдаланыў әмелиятларынан пайдаланыў режелестирилген. Шегирткелердиң аўыл хожалығы егинлерине үлкен қәўип туўдыратуғынлығы атап өтилди.

Қәнигелер Азия, үлкен сексеўил бүкири, Туран ҳәм басқа да шегиртке түрлериниң тийкарғы тарқалыў орайлары ҳаққында пикир билдирип, олардың популяциясының мониторинги мәселелери додаланды.

Тренингде мағлыўматлар жыйнаўдың автоматластырылған системасы, Кавказ ҳәм Орайлық Азияда шегирткелерге қарсы гүресиў системасын кеңнен енгизиў ҳәм олардан пайдаланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул еки система  FAO тәрепинен ислеп шығылған болып, зыянкеслерге қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин және де арттырады. Шегиртке тарқалыўынан ерте ескертиў ҳәм қәўипке өз ўақтында жуўап бериў мақсетинде Кавказ ҳәм Орайлық Азияның шегирткелер көбейип атырған мәмлекетлеринде енгизилмекте.

-Бул илаж Қарақалпақстан Республикасында зыянлы шегирткелерге қарсы гүресиў илажларын өз ўақтында алып барыўға қаратылған. Бүгинги күнде климаттың глобал өзгериўи, суў жетиспеўшилиги шараятында Қарақалпақстанда климаттың кескин өзгериўи зыянлы шегирткелерге де тәсир етти. Алдын Азия тоғай шегирткеси көп болған болса, ҳәзирги ўақытта олар азайып, орнына Италия шегирткеси жалпыламай көбейди, -дейди Өсимликлерди қорғаў ҳәм карантин илимий-изертлеў институты профессоры Фурқат Гаппаров. – Соңғы 3-4 жыллықта Президентимиздиң басламасы менен Арал түбинде сексеўиллер егилмекте. Бирақ, биз алдын бақланбаған машқалаға дус келдик. Сексеўиллерге зыян келтиретуғын Үлкен сексеўил бүкири шегирткеси жүдә көбейип кетти. Олар тек сексеўил менен азықланып, оның тамырында туқым қояды ҳәм раўажланады. Атап айтқанда, жақында Түркменстанда шегирткениң усы түри 60 мың гектар жерде көбейип, көплеген сексеўилди қуртты. Енди бизлердиң алдымызға усындай жағдайдың алдын алыў мақсети қойылған ҳәм оны шешиў жоллары изленбекте. Мысалы, шегирткелер жалпыламай көбейгенде киши жастағыларына салыстырғанда үлкен жастағы шегирткелер 700 мәртеге кең майданларға тарқалып кетеди. Соның ушын оларға қарсы киши жас ўақтында гүрес алып барылса, экологияға да зыянлы тәсир көрсетпейди, химиялық препаратлар үнемленеди ҳәм пайдалы жәнликлер өлмейди. Бүгинги күнде ҳүкиметимиз тәрепинен тек Қарақалпақстан ушын химиялық, экологиялық зыянсыз препаратлар алып келиў мәселеси қойылмақта. Бул препаратларды Қарақалпақстан шараятында сынақтан өткеремиз. Бул экологиялық зыянсыз препарат өткен жылы Африкада 5 миллион гектар жерде пайдаланылды. Нәтийжеде тек зыянлы шегирткелер набыт болып, басқа жәнликлерге зыян жеткерилмеди.

Тренинг қатнасыўшылары үш күн даўамында нәтийжели дала изертлеўлерине ерисиў, зыянлы шегирткелер мониторинги, олардың көбейиўи ҳәм тарқалыўын баҳалаўдың усыллары ҳаққында көнликпелерге ийе болады.




Қарақалпақстан хабар агентлиги