Президенттиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте пиллешилик ҳәм жүн жетистириў потенциалынан кеңнен пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Ташкент ўәлаятында 15 мың гектар, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья, Хорезм ўәлаятларында 10 мың гектардан, Қарақалпақстанда, Әндижан, Наманган, Наўайы, Сырдәрья, Ферғана ўәлаятларында 5 мың гектардан халық жасайтуғын жерлерге жақын суўғарылмайтуғын жер ҳәм жайлаў майданды өзлестирип, пиллешилик кластерлерин шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул жерлер Вьетнам тәжирийбеси тийкарында халыққа 1-2 гектардан ҳәм тут, ҳәм азық-аўқат егиў ушын бериледи.

Сондай-ақ, Алтынсай, Шўрчи, Кенимех, Нурата, Мубәрек, Ғузар, Қаттақорған, Нурабад, Фориш, Топыраққала районларында халық жасайтуғын жерлерге жақын 10 мың гектардан суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў майданда жүн кластерлерин шөлкемлестириў тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги