Улыстыӊ уллы күни болған Наўрыз байрамы салтанатын кегейлишилер райондағы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынындағы ат шабар майданында миллий ойынлар тамашалары менен кеңнен белгилеп өтти.

Наўрыз үш әўлад ўәкиллерин бирлестирип, ɵсип киятырған жасларымыз кеўлине қәдириятларымызға ҳүрмет, миллий ойынларымызға болған сүйиспеншилигин оятып келмекте.

Байрам сейили “Қыз қуўыў” миллий дәстүри менен басланған болса, буннан соң миллий ойынларымыз есапланған ат шабыс, ылақ ойыны, түрли айлаўларға ат жибериў, жорға жарысы, қошқарлар дүгиси, палўанлар гүреси сыяқлы басқа да миллий ойынлар менен даўам етти. Республикамыздың барлық орынларынан ҳәм қоңсы ўәлаятлардан келген қатнасыўшылар бас байрақ ушын өз-ара беллести. Ең қызығарлысы 13 айлаўда Нөкис районынан Ғайрат Касымовтың “Дослық” лақаплы аты бириншилерден болып жетип келип, бас байрақты жеңип алды.







Наўрыз сейиллеринде халқымызға инам етилген байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.

Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги