Президент Шавкат Мирзиёев «Жаңа Ташкент» жойбарының қурылысына тырнақ тасын қойыў мәресиминде шығып сөйлемекте.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Ташкентте турақ жай, транспорт, жумыс орны, мәденият, спорт ҳәм билимлендириў объектлерин қамтып алған заманагөй урбанизация ҳәм илимий қатнаслар тийкарында елимизде биринши мәрте «ақыллы» технологиялар енгизилетуғынын атап өтти.

Мәселен, ең заманагөй экологиялық транспорт системасы шөлкемлестириледи. Жаңа Ташкентте метро ҳәм электробуслар биргеликте ҳәрекетленеди.

Онда, «жасыл ҳәм қәўипсиз қала» принципи тийкарында пиядалар ҳәм велосипедлердиң еркин ҳәрекетлениўи ушын қолайлы шараят жаратылады. Сол мақсетте 100 мың автомобиль ушын жер асты автомобиль турыў орынлары қурылады.

Автомобиль қатнаўы ушын 14 заманагөй туннел сондай-ақ, Шыршық ҳәм Қарасуў дәрьялары үстинде 7 көпир қурылады.

Сондай-ақ, Орайлық Азияда биринши мәрте «үш-генерация» станциясы қурылады. Яғный, бул станция арқалы электр ислеп шығарылады, имаратлар гүзде-қыста ысытылады, жазда болса суўытылады. Барлық электр, байланыс тармақлары, газ ҳәм суў қубырлары жер астынан өткериледи.

Инновациялық технологияға тийкарланған, жоқары дәраматлы 200мың жумыс орны жаратылады. Оның ушын жаңа технопарклер, Ай-Ти парк, билимлендириў ҳәм медицина кластерлери шөлкемлестириледи.

ӨзА