Мәмлекетимиз басшысы қатнасып атырған халық депутатлары Сурхандәрья ўәлаятлық кеңесиниң сессиясы даўам етпекте.

Президент ўәлаятта соңғы бес жылда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында 15 мыңнан аслам кәрхана иске қосылғанын айтты.

«Бүгин мәжилистен кейин иске қосылатуғын 6 кәрханада да қосымша 2 мың жаңа жумыс орны жаратылды, ўәлаят өндирисине 370 миллиард сум, экспортына 20 миллион доллар қосылады. 2022-жылы иске қосылған «Зарчоб-1» ҳәм «Зарчоб-2» микро ГЭСлеринде жылына 201 миллион киловатт саат электр ислеп шығарылмақта. Бүгин иске қосылатуғын «Тўпаланг ГЭС»те жылына және 467 миллион киловатт саат электр ислеп шығарыў қосылады»,-деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА