Бозатаў районындағы Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қурылысы режелестирилген санаторияның ирге тасын қойыў мәресими болды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кеңеси баслығының орынбасары Қ.Қирғизалиев жыйналғанларды жаңа санатория қурылысының басланыўы ҳәм улыўма халықлық Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен Бозатаў районы халқының абадан турмысын тәмийинлеў, ең баслысы, олардың денсаўлығын тиклеў бағдарында көплеген әмелий жумыслар алып барылақта. Мәмлекетимиз басшысының республикамызға сапары ўақтында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясына район аймағынан санатория ашыў тапсырмасы берилген еди.

Бәршеге мәлим, Бозатаў районы өзиниң бийтәкирар гөззал тәбияты ҳәм қалың тоғайлықлары менен белгили аймақлардан есапланады. Бул жерде жасаўшы халыққа көрсетилип атырған айрықша ғамқорлық ҳәм итибар нәтийжесинде тәбият байлықларын сақлаў, адамлардың саламатлығын беккемлеў имканияты жаратылмақта.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен ажыратылған 124 миллиард сум қаржының есабынан қурылысы алып барылатуғын санатория 200 адамға мөлшерленген. Қәнигелердиң атап өткениндей, санаторияны келеси жылдың екинши шерегинде пайдаланыўға тапсырыў белгиленген.





Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы