Японияның Кобе қаласында ҳәзирги ўақытта пара жеңил атлетика бойынша жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Онда ерлер арасында Т47 классында 400 метр аралыққа жуўырыў бойынша өткерилген жарыста Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Маъруфжон Муродуллоев 49.27 секунд нәтийже көрсетип, үшинши орынды ийелеўге миясар болды.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, буннан алдын жәҳән чемпионатында мәмлекетимиз сайланды командасы қурамында F54 классында ядро ылақтырыў бойынша Нурхон Қурбонова 7.48 метр нәтийже менен қола, F57 классында Моҳигул Ҳамдамова диск ылақтырыў бойынша 33.28 метр нәтийже менен гүмис медальды қолға киргизиўге ерискен еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги