Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-март күни Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы БАӘ Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, мәмлекетлик жумыста үлкен табыслар, бул мәмлекеттиң дос халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сөйлесиўде көп тәреплемели бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда, инвестициялар, инновация ҳәм жоқары технологиялар, «жасыл» энергетика, аўыл хожалығы, логистика ҳәм транспорт тараўларындағы байланысларды және де кеңейтиў перспективалары додаланды.

Кейинги жылларда Өзбекстан-БАӘ қатнасықларында жедел раўажланыў бақланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен жылы өз-ара саўда көлеми еки есеге көбейди. Өзбекстанда 240 қоспа кәрхана жумыс алып бармақта, жойбарлар портфели 3 миллиард доллардан артты.

Нефть-химия, азық-аўқат санааты, инфраструктураны раўажландырыў тараўларында, таў-кән ҳәм металлургия тармақларында жаңа кооперация жойбарларын әмелге асырыў ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиў және мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын кеңейтиўден еки мәмлекет те мәпдар екени атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм БАӘ жетекшилериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай ашық, қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.

ӨзА