Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, жасыл аймақларды пайда етиў, көклемзарластырыў, шығындылар менен байланыслы жумысларды тәртипке салыў ҳәм ҳаўаның тазалығына ерисиўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда өткен жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм быйылғы жылғы алда турған ўазыйпалар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Мақсуд Джуманиязовқа ушырасып, өзлеримизди қызықтырған сораўларға жуўап алдық.

– Тараўда қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳүкимет қарарларының талабын орынлаў мақсетинде өткен жыл даўамында экология мәселелери бойынша арнаўлы ўәкилликке ийе шөлкемлер менен биргеликте бир қатар жумыслар әмелге асырылды,–дейди М.Джуманиязов. – Соның ишинде, аймағымызда қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың майданын кеңейтиў мақсетинде Қоңырат  районы аймағынан жаңадан майданы  280 мың гектарлық “Барсакелмес” мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы, Мойнақ районы аймағынан майданы 1 миллион гектар болған “Аралқум” миллий табият бағы шөлкемлестирилип, қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың улыўма майданы 3,5 миллион гектарға жеткерилди.




Сондай-ақ, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары тийкарында аймағымызда жәми 14 миллион 319 мың түп, соннан бәҳәр мәўсиминде  8,9 миллион түп, гүз мәўсиминде 5 миллион 368 мың түп саяманлы, мийўели терек ҳәм путалы өсимликлердиң нәллери егилди. Районларда Тоғай хожалығы комитетине қараслы 16 тоғай хожалығында  250 гектар майданда нәлхана шөлкемлестирилди.


Аймақларда “Темир дәптер”, “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киргизилген 424 жумыссыз пуқара “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фондының қаржысы есабынан терек егиў, суўғарыў ҳәм тәрбия бериў ислерине тартылды. Қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақларға  263 мың 441 түп мийўели терек нәли бийпул тарқатылды.

Егилген тереклерди суўғарыў ҳәм тәрбия бериў мақсетинде дүзилген жумысшы топар тәрепинен өткерилген үйрениўлердиң нәтийжесинде  817 километр жап-салма тазаланғаны,  23 дана суўғарыў насосы оңланып, саз ҳалатқа келтирилгени анықланды. Сондай-ақ, Нөкис қаласында 35 гектар (82 км), Мойнақ районында 1 гектар (5,6 км) майданда тамшылатып суўғарыў системасы иске түсирилди.

Республикамыз аймағындағы мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын терек ҳәм путалардың баҳалы сортларының   кесилиўине жәрияланған мораторий дәўиринде 2022-жылы тоғай фонды жерлерине кирмейтуғын  39 мың 800 түп теректи кесиў бойынша келип түскен 116 та мүрәжат қәнигелер тәрепинен үйренип шығылды. Үйрениўлер даўамында 24 мүрәжатта келтирилген толық қуўрап болған ҳәм өсиўден тоқтаған 451 түп теректи кесиўге, 3 мүрәжатта келтирилген 80 түп теректи көширип отырғызыўға, 26 мүрәжатта келтирилген 320 түп терекке форма бериўге рухсат берилди. Буннан тысқары, 68 мүрәжатта келтирилген 39 мың түп терек кесиўге рухсат берилмегенлиги себепли сақлап қалынды.

Инсанның күнделикли турмысында әҳмийетли болған  атмосферамыздың тазалығын сақлаў бағдарында қандай илажлар әмелге асырылмақта?

–“Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамы талапларына муўапық Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының хызметкерлери менен биргеликте атмосфераға тасланып атырған зыянлы шығындылардың муғдарын азайтыў бойынша 2 басқышта “Таза ҳаўа” илажлары өткерилди. Нәтийжеде илаж даўамында тексериўден өткерилген 12 мың 812 дана автотранспорт қуралынан 719 данасына атмосфераға тарқалатуғын зыянлы шығындылардың белгиленген нормадан артық екенлиги анықланды. Бул жағдайларды нормаға келтириў бойынша автотранспорт қуралларын басқарыўшыларға тийисли көрсетпелер берилди. Атмосфераға тасланып атырған зыянлы шығындылардың муғдарын азайтыў мақсетинде 6724 автотранспорт қуралы экологиялық жақтан таза газ жанылғысына өткерилип, 88 кәрхананың есабынан 263 тәбиятты сақлаў илажының орынланыўы нәтийжесинде шығындылардың муғдары  3423 тоннаға азайтылды.

Соның менене бирге,  “Қарақалпақцемент” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы 2 дана, “Титанцемент” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 1 дана автомат станциясы ҳәм аралықтан бақлаў үскенеси менен тәмийинленди.

Шығындылар менен байланыслы илажларды әмелге асырыў ушын өткен жылы “Тоза ҳудуд” мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм 7 жеке меншик кәрхананың 249 дана арнаўлы техникасы, соннан 175 дана шығынды  тасыўшы техника халыққа хызмет көрсетип келди. Бүгинги күнге шекем халық қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ушын 475 шығынды жыйнаў шақапшасы ҳәм 773 дана шығынды жыйнаў контейнери менен тәмийинленди.

Буннан тысқары, 1344 социаллық категория объектинде 2022-жылы орнатыў  талап етилген 823 дана шығынды контейнери ҳәм қутысынан 481 данасы орнатылды. Бул кәрханалар тәрепинен жәми 277,1 мың метр куб шығынды жыйнап алынып, арнаўлы полигонларға жайластырылды. Сондай-ақ, 161,7 гектар майданда жайласқан 19 турмыслық шығынды  полигонында ҳәр жылы орташа 260 мың тонна қатты турмыслық шығынды жыйналып, соннан өткен жылы 77,8 мың тоннасы қайта исленди. “Тоза ҳудуд” мәмлекетлик унитар кәрханасының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде Азия раўажланыў банки есабынан 10 дана арнаўлы техника алып келинди.

2017-жылы “Тоза ҳудуд” кәрханасы 312 хызметкер менен жумыс баслаған болса, ҳәзирги ўақытта штат бирлиги 491 ге жеткерилди. Нәтийжеде 421 пуқаралар жыйынында халықты  санитариялық тазалаў хызмети менен толық қамтып алыў дәрежеси  2017-жылы 43 процентти қураған болса, өткен жылдың жуўмағында 100 процентке ерисилди.

Өткен жыл даўамында бул бағдарда қандай нызам бузылыў жағдайлары анықланды?

–Инспекторларымыз тәрепинен қала ҳәм районларда алып барылған  2398 қадағалаў илажы даўамында бир қатар нызам бузылыў жағдайлары анықланды. Соның ишинде, өткен жыл даўамында жәми 2321 пуқара ҳәм 21 лаўазымлы шахс тәрепинен  жол қойылған нызам бузылыў жағдайлары бойынша ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып,  1 миллиард 916 миллион сум жәрийма қолланылды.

Соннан, “Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамы  талапларын қопал рәўиште бузған 585 пуқара ҳәм 1 лаўазымлы шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, 209,9 миллион сум,  “Суў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында”ғы  Қарақалпақстан Республикасы нызамының талапларын қопал рәўиште бузған 50 пуқара ҳәм 1 лаўазымлы шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып,  67 миллион сум, “Шығындылар ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамы  талапларын қопал рәўиште бузған 861 пуқара ҳәм 13 лаўазымлы шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, 320,3 миллион сум, “Жер ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамы  талапларын қопал рәўиште бузған 179 пуқара ҳәм 1 лаўазымлы шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, 480,2 миллион сум жәрийма қолланылды.

Өсимликлер  ҳәм  ҳайўанатлар дүньясына келтирилген зыяны ушын 646 пуқара ҳәм 5 лаўазымлы шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, 838,7 миллион сум жәрийма қолланылды ҳәм тәбиятқа келтирилген зыянды қаплаў ушын 488 пуқараға 1 миллиард 305 миллион сум даўа есапланды. Соннан ҳуқық қорғаў уйымларына 405,1 миллион сумлық 4 ҳүжжет, суд уйымларына 348,3 миллион сумлық 35 ҳүжжет киргизилди ҳәм судтың қарары менен 844,1 миллион сум өндирип алынды.

Қоршаған орталықтың патасланыўының алдын алыў бойынша өткерилген  мониторинг нәтийжесинде 60 кәрхананың 468 дәрегинен алынған үлгилерге исленген анализдиң жуўмағы бойынша 52 кәрханада шығындылардың муғдары белгиленген нормадан артық болғанлығы анықланып, бул кәрханаларға жәми 100 миллион сум компенсация төлеми есапланды.

Аймағымыздың экологиялық жағдайын жақсылаў бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтсеңиз?

– Әлбетте, миллий мәплерден келип шыққан ҳалда улыўма экологиялық машқалаларды азайтыў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси есапланады. Президентимиздиң 2022-жыл 28-январдағы пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026 –жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясында 6 тийкарғы бағдар,  “Инсан қәдири ушын 100 мақсет”тиң 3 мақсети ҳәм ондағы 12 ўазыйпа тиккелей экология ҳәм қоршаған орталық пенен байланыслы.

Соның ишинде, Раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпалар тийкарында халықтың денсаўлығына тәсир етиўши экологиялық машқалаларды сапластырыў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық жағдайды жақсылаў, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў, тоғайлардың майданын кеңейтиў ҳәм тоғай фонды жерлеринен нәтийжели пайдаланыўда кең көлемли реформалар менен әмелий илажларды алып барыў системалы түрде шөлкемлестириледи.



Бундай әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик уйымлар, хожалық жүргизиўши субъектлердиң басшылары ҳәм пуқаралардың жеке жуўапкершилиги күшейтиледи. Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турмыслық шығындыларды терең қайта ислеў системасы жақсы жолға қойылса, бул биринши гезекте халықтың саламатлығын беккемлеўде ҳәм келешек әўладқа жасыл мәканларды мийрас етип қалдырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, шығындылар менен байланыслы жумысларды, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл егиў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, экологиялық жағдайды турақластырыў бойынша быйылғы жылы әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды. Соның ишинде, турмыслық шығындыларды қайта ислеў тараўында  3 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбары әмелге асырылып, оларды қайта ислеў дәрежеси 35 процентке жеткериледи. Улыўма миллий жойбар шеңберинде  35  гектар майданда “Жасыл Өзбекстан” бағы, 64,9 гектар майданда “Жасыл бағ” лар, 101,4 гектар майданда “Жасыл жәмийет аллея”лары шөлкемлестириледи.

Буннан тысқары, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң қатнасында 2022-2025-жылларда Нөкис қаласы, Қараөзек, Қоңырат ҳәм Төрткүл районларында 4 жаңа заманагөй полигон қурыў ҳәм оларда шығындыларды компост етиў ҳәм ажыратыў үскенелерин орнатыў, Елликқала, Беруний, Шоманай, Қанлыкөл, Мойнақ, Шымбай, Тахтакөпир ҳәм Әмиўдәрья районларында жәми  8 шығындыны қайта ислейтуғын  станцияны қурыў, оларды  контейнер ҳәм арнаўлы техникалар менен тәмийинлеў жумыслары алып барылады.

Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,

 Қарақалпақстан хабар агентлигининң шолыўшысы