Елликқала районында 15-февраль-Аўғанстаннан совет әскерлериниң алып шығып кетилгенлигине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди. Оған район ҳәкимлиги, ветеран-жаўынгерлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илаж дәслеп Аўған урысында қатнасқан елликқалалы жаўынгерлер естелигине арнап орнатылған монументке гүлшеңберлерин қойыў менен басланып, бул қанлы саўашта қаза тапқан жаўынгерлердиң руўхына Қуран аятлары оқылды.
Илажда район ҳәкими С.Авезов шығып сөйлеп, бул урыстың халқымыз басына салған ғам-тәшўиши, аўырманлықлары туўралы кең түрде сөз етип, елимизде ҳүким сүрип турған бүгингидей тыныш ҳәм абадан турмыстың қәдирине жетиўимиз кереклигин айрықша атап өтти.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Аўғанстанда 10 жыл даўам еткен урыста Елликқала районынан 200 жаўынгер қатнасып, соннан алтаўы саўаш майданларында қаза тапты.
Өткерилген илажда ветеран-жаўынгерлер ушын байрам дастурханы жайылып, оларға районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы