Халқымыз әзелден перзент тәрбиясына айрықша итибар қаратып, олардың әдепли, өнерли ҳәм оқымыслы инсанлар болып жетилисиўи ушын қолайлы шараятлар жаратып берген. Бирақ, соңғы жыллары шаңарақлардағы келиспеўшиликлер себепли жүз берип атырған ерли-зайыплылардың ажырасыўлары перзент тәрбиясында айырым олқылықлардың пайда болыўына себеп болмақта.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 474-статьясында, материаллық жәрдемге мүтәж ержетпеген яки мийнетке жарамсыз шахсты материаллық тәмийинлеўден бас тартыў ямаса оларды материаллық жақтан тәмийинлеў ушын судтың шешиўши қарарына яки суд буйрығына тийкарланып өндирилиўи тийис болған пул қаржысын еки айдан артық мүддет даўамында төлемеў, ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы көрсетилген.

Лекин, тилекке қарсы өз перзентиниң тәрбиясы ҳәм камалға келиўи ушын тийисли төлемлерди төлемей жүрген пуқараларымыздың жәмийетимиз арасында барлығы көпшиликти таң қалдырады.

Жақында республикамыздың әмелдеги нызамшылығына бойсынбастан суд қарары менен өндирилиўи белгиленген алимент напақа пулларын төлеўден бас тартып жүрген еки пуқараның иси жынаят ислери бойынша Елликқала районлық суды тәрепинен Елликқала районлық Ишки ислер бөлими имаратында өткерилген көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

Мәжилисте ис ҳалатлары толық үйренилип, тәреплердиң пикирлери тыңланды ҳәм алимент напақаларын төлеўден билқастан бас тартып жүрген пуқаралар Б.К ҳәмде С.Ф ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 474-статьясы менен айыпкер деп табылып, оларға усы статьяда нәзерде тутылған 15 сутка ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасы тайынланды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 64-статьясында ата-аналар өз перзентлерин ержеткенге шекем бағыў ҳәм тәрбиялаўға мәжбүр екенлиги атап көрсетилген.

Солай екен, перзент тәрбиясына жуўапкершилик пенен қараў, оларды материаллық жақтан тәмийинлеў ҳәр бир ата-ананың жуўапкерли ўазыйпасы есапланады. Келешегимиз болған жас әўлад тәрбиясына бийпәрўа болмаўымыз тийис.

 

О. Мауленов,

Жынаят ислери бойынша

Елликқала районлық судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги