Усы атамада Тахтакөпир районы мәмлекетлик салық инспекциясында Мәмлекетлик салық басқармасының жеке қәўипсизлигин ҳәм инсан ресурсларын раўажландырыў, юридикалық бөлимлери қәнигелери, инспекция хызметкерлери, сондай-ақ, олардың ата-аналарының қатнасыўында оқыў-семинары өткерилди.

Ушырасыўда тийисли қәнигелер тәрепинен мәмлекетлик салық хызметкерлериниң миннетли ўазыйпаларын орынлаўда ҳадал болыўы, ҳүжданлы түрде мийнет етиўи ҳаққындағы мәселелер додаланды.

– Бул мәселелердиң шаңарақта, жумыста, жәмийетлик орынларда кең түрде үгит-нәсиятланып турылыўы атап өтилди,-дейди басқарманың сектор баслығы Мереке Мершиева.

Ушырасыўдан соң саўда орынларында исбилерменлик субъектлери арасында да түсиник жумыслары алып барылды. Оларға коррупцияның алдын алыўға қаратылған мағлыўматлар ҳәм еслетпелер сәўлеленген буклет ҳәм флаерлер тарқатылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги