Пайтахтымызда «Жәмийетте илим, технологиялар ҳәм инновациялардың турақлы раўажланыўында ҳаял-қызлардың роли» темасында халықаралық форум өткерилди.

Бул илаж Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанындағы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар, Санлы технологиялар, Меткепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрликлери, Илимлер академиясы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияның баслығы Танзила Норбоева, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Олимжан Салиев, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Зулайҳо Маҳкамова, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Беҳзод Мусаев, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Озода Парпиева ҳаялларды билимлендириўдиң барлық басқышлары менен қамтып алыў, илимге кирип киятырған ҳаял-қызларды белсене қоллап-қуўатлаўға тийкарғы итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, ғәрезсизлик жылларында илимниң ҳәр қыйлы бағдарларында нәтийжели мийнет еткен жети ҳаял Өзбекстан Қаҳарманы атағына еристи. Ҳәзирги ўақытта илимий шеңберде академик статусындағы ҳаял-қызлардың қатары кеңейип бармақта.

Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўда ҳаял-қызларды илимге күн сайын көбирек тартыў жолында системалы жумыслар алып барылмақта. Мәмлекетимизде «Дана ҳаял-қызлар» ағартыўшылық ҳәрекетине тийкар салынғаны бул бағдардағы ийгиликли жумыслардың әмелий нәтийжеси болып есапланады. Ҳәзирги күнде елимизде ҳаял-қызларды илимий-инновациялық жумысқа кеңнен тартыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Ҳәзир дүнья бойынша илимий изертлеўшилердиң 30 проценттен азырағын ҳаял-қызлар қурайды. Өзбекстан илимпаз ҳаял-қызлары педагогика, әдебият, химия, биотехнология, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда жедел изленбекте.

Бирақ тәбийғый илимлер, математика, инжиниринг, технология, санаат ҳәм қурылыс тараўларында изленип атырған ҳаял-қызлардың қатарын кеңейтиў әҳмийетли. Халықаралық илим тараўындағы ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен усы жылдың 6-11-февраль күнлери биринши мәрте елимиз бойынша ағартыўшылық ҳәптелик жәрияланды. Оның шеңберинде илимпаз ҳаял-қызлар ҳәм илимий изленислер алып барып атырған изертлеўши ҳаял-қызлардың қатнасыўында билимлендириў дәргайлары, мәҳәллелерде ағартыўшылық илажлар, таңлаўлар өткерилди.

Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, гендер теңликти тәмийинлеў, жоқары мағлыўматлы ҳаял-қызлардың қатарын және де кеңейтиў бойынша додалаўлар алып барылды. Соның менен бирге, ҳәптелик шеңберинде илимий изертлеўлер алып барып атырған ҳаял-қызлардың жойбарларын үгит-нәсиятлаўға үлкен итибар қаратылды.

ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасының Басшысы Сара Ношади, БМШ Балалар қоры – ЮНИСЕФтиң мәмлекетимиздеги ўәкилханасының басшысы Мунир Мамедзаде, БМШ Халықтаныў қорының елимиздеги ўәкилханасының басшысы Ю Ю ҳәм басқалар елимизде ҳаял-қызлардың билим алыўы, илимий жумыс пенен шуғылланыўына қаратылып атырған итибарды жоқары баҳалады. Ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетилип атырған мәмлекеттиң ағартыўшылық дәрежесиниң жоқары болатуғыны жақсы белгили. Бирақ, соның менен бирге илимниң мәлимлеме технологиялары, инжиниринг ҳәм сондай алдыңғы тараўларға ҳаял-қызларды тарыў, бул бағдарда гендер теңликти тәмийинлеў оғада әҳмийетли.

– Ҳаял-қызларымыз әзелден илимде белсендилик көрсеткен,-деди Өзбекстан Илимлер академиясының Бас илимий хаткери Ғайрат Баҳодиров. – Илимниң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан Өзбекстан Қаҳарманы атағына ерискен ҳаял-қызларымыз бенен бирге Машҳура Мавлоний, Сайёра Рашидова, Тамара Арипова, Дилором Юсупова сыяқлы илимпаз ҳаял-қызларымыз ири изертлеўлер алып барыў менен бирге шәкиртлер таярлаўда да белсендилик көрсетпекте.

– АКТ тараўында изленип атырған ҳаял-қызлар ушын көплеген жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырмақтамыз,-деди санлы технологиялар министриниң мәсләҳәтшиси Камола Собирова. – Санлы технологиялар ҳәм инженерлик иси бойынша Ташкент мәлимлеме технологиялар университети, Инҳа, Амити университетлери менен бирге көплеген тәжирийбе арттырыў сабақлары, онлайн ҳәм офлайн курслар, АКТ тараўында фестивальларды өткермектемиз. Келешекте бул бағдардағы жумысымызды және де кеңейтиў режемиз бар.

Халықаралық форумда илимий жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар, изертлеўши ҳаял-қызлар ҳәм министрлик, уйымлардың жуўапкер хызметкерлери арасында нәтийжели илимий бирге ислесиўди жолға қойыў, илимпаз ҳәм изертлеўши ҳаял-қызлардың илимий жойбарларын әмелиятқа енгизиўди қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы