Хожели районында жасларды бийпул кәсип-өнерге оқытыў орайы пайдаланыўға тапсырылды.

Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев  қатнасып, бул жерде оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.



Атап өтилгениндей, Президентимиздиң халқымызға жоллаған Мүрәжатында мектеп оқыўшыларын кеминде еки тилге ҳәм бир кәсип-өнерге үйретиў әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленген еди.  Усы жылдың 20-январь күни мектеплерде шет тиллерин ҳәм кәсип-өнерге үйретиў системасын раўажландырыў мәселелери бойынша өткерилген кеңейтилген мәжилисте мектеплердеги бул бағдардаға жумыслардың сапасы еле талап дәрежесинде емеслиги, мектеп питкериўшилериниң 50 проценти мийнет базарына ҳеш қандай кәсипке ийе болмастан кирип келип атырғанлығы сынға алынды. Усы мәжилисте белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде райондағы 14-санлы улыўма билим мектебиниң бос турған имараты реконструкцияланып, жасларды кәсип-өнерге оқытыў орайы ашылды.

Орайда оқыўшылар 6 бағдарда, атап айтқанда, усташылық, шет тиллерин үйрениў, мобил телефонларды оңлаў, ҳаял-қызлар шаштәрези, тигиўшилик ҳәм кондитер өнимлерин писириў бойынша әмелият ҳәм көнликпелер алады. Буннан тысқары, мектеп аймағында қояншылық, қусшылықты раўажландырыў, ыссыханада өним жетистириў бойынша кәсипке бағдарлаў нәзерде тутылған.







Қарақалпақстан хабар агентлиги