Тақыятас районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Бир дәўирдиң еки  ойшылы” сүрени астында әдебий-көркем кеше болып өтти.

Уллы бабаларымыз Әлийшер Наўайы туўылғанының 582 жыллығы ҳәм Заҳриддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанының 540 жыллығына бағышланып республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға әскерий бөлимнен де мийманлар қатнасты.

Мектептиң өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Г.Тәжимуратованың Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған ашық сабағы қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

Кеше соңында мектеп оқыўшылары бир дәўирдиң еки ойшылының дөтериўшилигине бағышланған сахналық көринислер, рубайы ҳәм ғәззеллеринен үзиндилер атқарды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги